«Ҳәзирги ўақытта мәлимлеме-коммуникациялық тараўдағы ең соңғы табысларды өзлестириў менен бирге, жаслардың китап оқыўға болған қызығыўшылығын арттырыўға, оларды китап пенен досласыўға, халықтың китапқумарлық дәрежесин буннан былай да арттырыўға айырықша итибар қаратыў керек болады. Буның ушын, ең алды менен, миллий әдебиятымыз ҳәм жәҳән әдебиятының ең жақсы үлгилерин социаллық тармақларға жайластырып, оларды кең түрде үгит-нәсиятлаўға айырықша итибар бериўимиз үлкен әҳмийетке ийе болады», – деген еди Президентимиз Шавкат Мирзиёев.

Бүгин, 30-январь күни Нөкис қаласындағы Президент мектебине Қарақалпақстан Республикасындағы барлық жоқары оқыў орынлары басшылары, белсенди жаслары барып, ол жерде келешек ийелери болған оқыўшы-жаслар ушын жаратылған шараятлар менен танысты. Оқыўшылар, олардың устазлары менен сәўбетлесип, тийисли пикир-усынысларын билдирди.

– Китап инсанды жерден көкке көтеретуғын, оның руўхый қуўатлылығын арттыратуғын уллы күш болып табылады. Сондай-ақ, китап адамзаттың тарийхый өтмиши, руўхый-ағартыўшылық, илимий потенциалын беккемлеўши, келешекке тийкар жаратыўшы сөнбес от болып табылады. Солай екен, биз бүгин бул дәргайға илимий ҳәм көркем әдебиятларды алып келип, оқыўшыларға саўға еттик, – деди Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты жаслар менен ислесиў мәселелери бойынша проректоры Қ.Қадиров.

Жоқары оқыў орынлары ўәкиллери мектептеги шараятларға жоқары баҳа берди ҳәм оқыўшылардың терең билим ийелеўине тилеклеслик билдирди.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.