Усы жыл 30-январь күни Нөкис қаласындағы «Жаслар орайы»нда мәмлекетлик хызметлерди көрсетиўдиң сапасын жақсылаў, пуқаралардың артықша әўере-сарсаң болыўының алдын алыў ҳәм бюрокаратиялық тосқынлықларға жол қоймаў мәселелери, сондай-ақ, 2019-жылда тараўда әмелге асырылған жумысларға бағышланған баспасөз конференциясы болып өтти.

Онда Мәмлекетлик хызметлер агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасының басшылары, қәнигелери, тийисли ўәкилликли уйымлардың жуўапкер хызметкерлери ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Конференцияда өткен жыл даўамында әмелге асырылған жумыслар туўралы толық мағлыўмат берилип, тараўда әмелге асырылып атырған жаңалықлар атап өтилди.

Атап өтилгениндей, район (қала)лық Мәмлекетлик хызметлер орайлары тәрепинен 2018-жылы 37 түрдеги мәмлекетлик хызметлер көрсетилген болса, 2019-жылы олардың саны 130 ға жеткен. Ал, быйылғы жылы 160 түрдеги хызметлердиң көрсетилиўи режелестирилмекте.

Басқарма тәрепинен өткен жыл даўамында мәмлекетлик хызметлерди көрсетиўши жуўапкер мәмлекетлик уйымларда 7000нан аслам нызамбузыўшылық жағдайлары анықланған. Усы нызамбузыўшылықлар бойынша мәмлекетлик хызметлерди көрсетиўши ўәкилликли уйымларға 33 усыныс, 81 ескертиў берилип, олардың 164 лаўазымлы ҳәм жуўапкер хызметкерлери ҳәкимшилик, 20 хызметкери интизамый жуўапкершиликке тартылған.

– Ҳәзирги ўақытта барлық районлар (қала)дағы мәмлекетлик хызметлер орайлары тәрепинен 130 түрдеги хызметлер көрсетилмекте,-дейди Мәмлекетлик хызметлер агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы баслығының орынбасары Е.Досанов. – Өткен жылы орайлар тәрепинен физикалық ҳәм юридикалық тәреплерге 890 мың 316 хызмет көрсетилди.

Халыққа және де қолайлы болыўы ушын алыс орынларға шығыў арқалы «Мобиль мәмлекетлик хызметлер» жолға қойылды. Усы күнге шекем республикамыз бойынша 56 мыңнан аслам көшпели хызметлер көрсетилди.

Мойнақ, Шымбай, Қоңырат, Әмиўдәрья ҳәм Қанлыкөл районларындағы орайлар ушын жаңа имаратлар қурылып, пайдаланыўға тапсырылды. Нөкис қаласы, Төрткүл, Беруний, Тахтакөпир районларындағы жаңа имаратлардың қурылыс жумыслары баслап жиберилди.

Баспасөз конференциясының қатнасыўшылары, жаңа туўылған балаға гүўалық алыўда, балаларды мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлерине бериўде, комуналлық мәселелерди шешиўде, судланғанлық, нәшебентлик ямаса басқа да усы сыяқлы иллетлер менен шуғылланбағанлығы туўралы анықламаларды алыўда  ҳәм басқа да мәселелерин мәмлекетлик хызметлер орайына барып шешиўде ушырасып атырған машқалалар,  усы системаның еле де нәтийжели ислеўине байланыслы пикир-усынысларын билдирип, берилген сораўларына жуўап алды.

 

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.