Өзбекстан Жаслар аўқамы Орайлық Кеңеси баслығының орынбасары Д.Каттаханова Нөкистеги И.Юсупов атындағы қәнигелестирилген мектеп-интернатына  келип, оқыўшылар менен ушырасты.

Ушырасыў даўамында билимлендириў тараўы қәнигелери оқыўшылар менен сәўбетлесип, олардың усыныс ҳәм идеяларын тыңлады. Атап айтқанда, келешекте дөретиўшилик мектеплериниң оқыўшылары арасында ҳәр қыйлы таңлаўлар ҳәм ушырасыўлар өткериў, И.Юсупов атындағы мектеп-интернаты оқыўшыларының поэзиялық, прозалық топламларын баспадан шығарыўға әмелий жәрдем бериў, мектепке радиоузел орнатыў, дөретиўшилик мектеплери арасында тез-тезден видеоконференция өткерип турыў сыяқлы усыныслар инабатқа алынып, әмелге асырылатуғын болды.

Өзбекстан Жаслар аўқамының Орайлық ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Кеңеслери атынан дөретиўшилик мектебине жас дөретиўшилердиң әдебий китаплары ҳәм реңли принтер саўға етилди.

– Қарақалпақстанға келсем, әлбетте И.Юсупов атындағы дөретиўшилик мектебине бараман, бул жердеги жаслар менен ушырасаман, деп нийетлеп қойған едим, -дейди Д.Каттаханова. -Себеби, усы мектеп оқыўшылары менен ушырасқанымда олардағы талпынысты көрип, мен де тәсирленип кетемен.

 

М.ПИРНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.