Өзбекстан Илимлер академиясы Қарақалпақстан бөлиминиң бизге берген мағлыўматларына қарағанда, Қарақалпақ гуманитар илимлер илим-изертлеў институтында 2019-жыл даўамында бир қатар илимий-изертлеў жумыслары алып барылған. Атап айтқанда, институтта «Қарақалпақ фольклортаныў ҳәм әдебияттаныў тарыйхын анализ етиў» фундаментал жойбары ҳәм «Қарақалпақстан жәмийетиндеги жәмийетлик  көрсетпелердиң трансформацияланыўы»: тарийх ҳәм әмелият» әмелий жойбары ҳәм де Фундаментал жойбарларды қоллап-қуўатлаў фондының 2 жойбары әмелге асырылған.

Илим – изертлеў мәкемесиниң тийкарғы жетискенликлеринен фундаментал жойбар бойынша қарақалпақ халық дәстанлары, романлары, қарақалпақ қыссаханлығы, қарақалпақ ҳалық қосықларына байланыслы 1960-1980-жыллардағы илимий изертлеўлерди анализлеў бойынша алып барылған жумысларды айрықша атап өтсек болады,-дейди Өзбекстан Илимлер Академиясы Қарақалпақстан бөлиминиң бас илимий хаткери, химия илимлериниң докторы Шәрибай Туремуратов. – Бул жойбар бойынша институттың қарақалпақ әдебияты ҳәм фольклоры бөлимлериниң илимий хызметкерлери биргеликте жумыс алып барды.

Изертлеўлер нәтийжесинде «Қ.Мақсетов мектеби» (Қ.Мақсетовтың 90 жыллығына арналған илимий очерк, Нөкис, «Илим», 2019, –Б.88), «Қарақалпақ фольклоры – дөретиўшилик тийкары» (профессор Қ.Мақсетовтың 90 жыллығына бағышланған Республикалық илимий-әмелий конференция материаллары, Нөкис, «Илим», 2019, 31-май, – Б.88), «Қарақалпақ фольклортаныў мәселелери» (8  китап Нөкис, «Илим», 2019, –Б.148) ҳәм «Қарақалпақ әдебияттаныўы мәселелери» (8 китап Нөкис, «Илим», 2019, Б.168) атамасында илимий-изертлеўлердиң топламлары таярланды.

Оқыў қарақалпақ тилинде алып барылатуғын улыўма билим бериў мектеплериниң 9-класс оқыўшылары ушын «Әдебият» (Нөкис, «Билим», 2019,  – Б.304) оқыў қарақалпақ тилинде алып барылатуғын улыўма билим бериў мектеплериниң 8-класс оқыўшылары ушын «Әдебият» (Нөкис, «Билим», 2019,  – Б.360), 11-класcлары ушын «Әдебият» (Нөкис, «Билим», 2019,  – Б. 256)  сабақлықлары басып шығарылды. 2019-жыл 20-сентябрьде институтта өткерилген «Филология пәниниң актуал мәселелери» семинарының материаллары  тийкарында  1  мақалалар топламы баспаға усынылды. Республика илимий журналлары ҳәм газеталарында  жойбар жумысы бойынша ҳәм жобадан тысқары 25  мақала, республика ҳәм шет ел  конференцияларында 18 тезислер  шықты.

Әмелий жойбар бойынша тарыйхый  дәреклер ҳәм  илимий әдебият дизимлери үйренилди. Тема бойынша Қарақалпақстан Орайлық  мәмлекетлик архивинде ҳәм ИА ҚҚБ Илимий китапханасының ески қолжазбалар фондында жумыслар алып барылды. Бул  фондлардағы архив ҳүжжетлери, 1960-1980-жылларда басып шығарылған «Совет Қарақалпақстаны» ҳәм  «Советская Каракалпакия» газеталары топламлары, ҳүжжетли ҳәм әдебий үлгилери үйренилмекте.

Хожели, Кегейли, Шоманай ҳәм Төрткүл районларында тарийхый-этнографиялық илимий экспедициялар шөлкемлестирилип,  экспедициялар даўамында ҳалқымыздың тарийхына байланыслы  материаллық  мәденият үлгилери табылды ҳәм сүўретке алынды. Халқымыздың ХХ әсрдеги өмири, турмыс тәризи, жасаў шараятлары ҳәм  мәселелери бойынша аўызеки тарийхый материаллар жыйналды.

Тема бойынша  Қарақалпақстан телевидениеси ҳәм радиосы, газета журналларда мақалалар берилмекте. Тийкарынан, «Вести Каракалпакстана» газетасында С.Нуржанов, З.Курбанова, И.Пискунова ҳәм басқалардың илмий мақалалары, Қарақалпақстан радиосының  «Наука и образование» бағдарламаларында С.Нуржанов, А.Джумашев, З.Курбанова, И.Пискунова, М.Қарлыбаев ҳ.т басқалардың   интервьюлери  берилди.

Тийкарғы илимий нәтийжелерден төмендегилерди атап өтиўимизге боладыҮ

ХХ әсир басларындағы Қарақалпақстан жәмийети демографиялық ҳәм жәмийетлик турмысы сүўретлеп берилип, басқа миллет ўәкиллериниң миграциясы нәтийжесинде өзгерислер пайда болды. Өз гезегинде бул  өзгерислер ҳалықтың жәмийетлик  үрп-әдетлериниң ҳәм минез–қулқының өзгериўине   алып келди. Совет ҳәкимиятының динге қарсы жумыслары пуқаралардың дуньяға көзқарасларына аз муғдарда болса да тәсир көрсетип, жәмийетлик қатнасықлардың  эрозиясына алып келди. Латынластырыў  қарақалпақ әдебий тилиниң раўажланыўына себеп болды ҳәм динге ҳәм дин ийелериниң жағдайына, санасына ҳәм жәмийетлик – мәдениятына тәсирин тийгизди. Урыстан соңғы дәўирлерде  жеке шахсты  көтермелеў нәтийжесинде инсан ҳуқуқларының аяқасты болғанын, жәмийеттиң руўхый түскинликке ушырағанын көремиз. Пострансформациялық дәўирде дәстүрий үрп-әдетлер ҳәм мәдений тийкарлардың тиклениўи, соның менен бирге, ҳәр түрли  диний ағымлар тәлийматы, жәмийетте стратификация барысында (қатламларға бөлиниў) көзге  тасланады ҳәм жаңа жәмийетлик көрсетпелер дизими пайда бола баслайды.

2019-жылда, жәми 74 мақала (20 сы шет елде), 47 тезис (10 ы шет елде), 16 монография, брошюра, сабақлық ҳәм оқыў қолланбалар таярланды.

Кадрлар таярлаў тараўында да бир қатар жумыслар алып барылып, 2019-жылда 2 философия докторы (PhD) өзиниң диссертациялық жумысын қорғады.

Ҳәзирги күнде 2 докторант, 16 таяныш докторант, 4 стажёр-изертлеўши тәлим алмақта.

Жоқары оқыў орынлары менен дүзилген шәртнамалар тийкарында студентлер ҳәр жылы институтымызда оқыў әмелиятын өтемекте.

Институтымыздың 8 илимий хызметкери Нөкис қаласындағы жоқары оқыў орынларында лекция оқып келмекте. Жоқары оқыў орынларында ҳәр жылы болып өтетуғын мәмлекетлик имтиханларда қатнаспақта. Сондай-ақ, жоқары оқыў орынларының профессор-оқытыўшыларынан 5 адам Институтымызда исленип атырған илимий проектлердиң орынланыўшысы сыпатында ислеп келмекте.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017 жыл  1-ноябрдеги П#-3365-санлы ҳәм 2017-жыл 30-ноябрдеги ПҚ-3416-санлы қарарлары, сондай-ақ, «Жас илимпазларды жетекши шет ел илимий мәкемелеринде (орайлар, университетлер ҳәм басқалар), илимий лабораторияларда ислеў методикасын өзлестириў ушын қысқа мүддетли илимий стажировкаларға жибериў мақсетинде оларды таңлаў тийкарында сайлаў тартиби ҳаққында»ғы бағдарламаға муўапық өткерилген таңлаўда кандидат, институт директорының орынбасары М.Қарлыбаев «Эл-юрт умиди» фонды стипендиаты  сыпатында тастыйықланды (АҚШ мәмлекетиниң  Индиана университети (Indiana University) де стажировка).

Өзбекстан Республикасы Инновация Министрлиги тәрепинен шөлкемлестирилген Жас илимпазларды шет елдиң илимий орайларына қысқа мүддетли стажировкаларға жибериў жойбары бойынша институтымыздың илимий хызметкери М.Утебаев Москва (Россия) қаласындағы РИА Этнология ҳәм антропология институтына 3 ай мүддетке стажировкаға барыў сертификатын алды.

2018-2019-жыллардағы Қубла Аралбойы комплексли Қарақалпақ –Россия археологиялық-этнографиялық экспедициясы Қарақалпақстан аймағында «Плато Устюрт, кочевники и культура античного средневекового  Хорезма» темасында археологиялық экспедиция шөлкемлестирди. Бул тема үстинде көп жыллар даўамында профессор В.Н.Ягодин шуғылланып, Үстирт тегислигиндеги Гүнжели қорған комплекси толық изертленип үйренилди ҳәм қорған менен биргеликте комплекс қурамындағы Кәрўан-сарай қазып үйренилди. Жумыслар нәтийжесинде «Стратум плюс» журналында еки илимий мақала басылып шықты, келешекте бирге монография жазыў жобаластырылған.

Қубла Аралбойы комплексли Қарақалпақ – Россия археологиялық-этнографиялық экспедициясы бес жыллық жойбар бойынша Қырық қыз қаласында изертлеў жумысын баслады. Бул жумыслар қала әтирапындағы орынларды изертлеўлерден басланды ҳәм нәтийжелери есабат көринисинде усыныўға таярланбақта.

2019-жылы август-октябрь айларында ӨзР ИА ҚҚ бөлими ГИИ археология бөлими Австралияның Сидней университети менен биргеликте Беруний районында жайласқан Ақшахан қала естелигинде қазыў жумысларын алып барды. Тийкарғы қазыў жумыслары қаланың бас көшесин анықлаў болып, оның көлеми ҳәм әтирапы толығы менен изертленди. Қаладағы изертлеўлер менен бирге Султан ўайс таўларында изертлеўлер алып барылды. Бул изертлеўлердиң барлығы Зардуштийлик дининиң Қарақалпақстан аймағында тарқалыўын анықлаў мақсетинде алып барылды. Бул изертлеўлердиң дәслепки нәтийжелери Қарақалпақстан аймағында зардуштийлик дини жергиликли халықлардың дини менен байланыста раўажланғанлығын көрсетип берип, бул аймақларда зардуштийлик Алдынғы Азия ҳәм Қубла Шығыс Азия аймақларынан бөлек диний түсиник болған.

Шет ел археологлары менен бир қатарда, экспедиция қурамында Франция ҳәм Бельгиядан келген реставраторлар да қатнасып, Ақшахан қаладан табылған дийўалый сүўретлердиң реставрациясы менен шуғылланды. Келешекте Тасқырман оазисиндеги естеликлердиң изертлениўи нәтийжелери VI томлық монографияда шет елде басып шығарыў нәзерде тутылмақта.

Бүгинги күнде еки томы баспаға таяланып атыр.

Президентимиз Шавкат Мирзиёев Олий Мажлис палаталарына Мүрәжатында өткен жылда әмелге асырылған жумыслар сын көзқараста талқыланып, быйылғы ҳәм алдағы бес жылға белгиленген перспективалы режелер, мәмлекетимиздиң ишки ҳәм сыртқы сиясатының әҳмийетли бағдарлары баян етилип, әҳмийетли нызамшылық басламаларын көтерди.

Жаңа Өзбекстанды жаратыў бойынша уллы мақсетлер баян етилип, 2020-жылда илим-мәрипат ҳәм санлы экономиканы раўажландырыў бойынша әҳмийетли бағдарларды белгилеп берди.

Буны пүткил халқымыз, әсиресе, биз сыяқлы илим менен шуғылланып атырған илимий хызметкерлер үлкен қанаатланыўшылық пенен қабыл етти. Демек, бул басламалар бизге еле де үлкен мүмкиншиликлер есигин ашып береди, илим, билимлендириў, экономикамыз буннан былай да раўажланады.

Биз де өз гезегинде Президентимиздиң басламаларынан руўхланып, оны қоллап-қуўатлаған ҳалда илимпазларымыз тәрепинен даўам етип атырған илимий-изертлеў жумысларының және де нәтийжели болыўы ушын аянбай мийнет етиўге таярмыз.

 

Жазып алған: Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.