Президент Олий Мажлиске Мүрәжатында жоқары билимлендириў системасына байланыслы төмендегилерди атап өтти:

2019-жыл да 19 жоқары оқыў орны шөлкемлестирилди. Соның 9 ы жетекши сырт ел жоқары оқыў орынларының филиаллары болып табылады.

141 қоспа бағдарлама тийкарында кадрлар таярлаў жолға қойылды. 146 500 студент қабылланды. Бул көрсеткиш 2016-жылға салыстырғанда еки есеге көп.

2020-2021-оқыў жылында мәмлекетлик грантлар еки есеге көбейтиледи.

Қызлар ушын айырықша грантлар ажыратылады.

Жоқары оқыў орынларында қәнигеликке байланысы болмаған пәнлер еки есеге қысқартылады.

Жоқары оқыў орынларына қаржы ҳәм академиялық ғәрезсизлик бериледи.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги