Россия Федерациясы сыртқы ислер министри ўазыйпасын атқарыўшы Сергей Лавров 15-16-январь күнлери рәсмий сапар менен мәмлекетимизде болды.

Өзбекстан Республикасы Сыртқы ислер министрлигинде 16-январь күни Өзбекстан ҳәм Россия сыртқы сиясат мәкемелери басшылары Абдулазиз Комилов ҳәм Сергей Лавровтың ушырасыўы болып өтти.

Ушырасыўда Өзбекстан менен Россия арасындағы стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықлары барған сайын беккемленип баратырғанлығы, бунда еки мәмлекет басшыларының дослық қатнасықлары әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Сөйлесиўде болажақ жоқары дәрежедеги илажларға таярлықлардың әмелий тәреплери додаланды, халықаралық ҳәм регионналық әҳмийетли мәселелер бойынша пикир алысылды.

Ушырасыў жуўмағында Өзбекстан ҳәм Россия Сыртқы ислер министрликлери арасында 2020-2021-жылларға мөлшерленген бирге ислесиў бағдарламасына қол қойылды.

Жоқары мәртебели  мийман сол күни Москва мәмлекетлик халықаралық қатнасықлар институты Ташкент филиалының жәмәәти топары менен де ушырасты.

Усы жоқары оқыў орнында билим алған С.Лавров мазмунлы ҳәм даңқлы жолды басып өткен билимлендириў дәргайының турақлы дәстүри Өзбекстанда даўам етип атырғанлығынан оғада кеўли толғанлығын билдирди.

Бүгинги күнде елимизде Россия Федерациясының 8 жоқары оқыў орнының филиалы ашылған. Жыл сайын раўажланып баратырған өз-ара қатнасықлар негизинде билимлендириў тараўындағы бирге ислесиўди жоқары шоққыларға алып шығыў имканияты бар.

Сергей Лавров усы филиалда оқып атырған студентлер алған билим ҳәм көникпелерден пайдаланып, келешекте Өзбекстанның дүнья жәмийетшилиги, соның ишинде, Россия менен дипломатиялық қатнасықларын және де беккемлеўге үлесин қосатуғынына исеним билдирди.

Болажақ дипломат-студентлер, профессор-оқытыўшылар, ҒХҚ хызметкерлери менен қызғын сәўбетлести, олардың сораўларына ҳәр тәреплеме жуўап берди.

Ғ.ХОННАЗАРОВ,

ӨзАның хабаршысы