Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында педагогика бойынша илим докторы (DSc) ҳәм философия докторы (PhD) илимий дәрежелерин беретуғын илимий кеңес дүзилди.

14-январь күни илимий кеңестиң ашылыўына арналған мәжилис болып өтти. Мәжилисти институттың илимий жумыслар ҳәм инновациялар бойынша проректоры П.Калханов басқарып барды.

Илажда академик Ж.Базарбаев, профессорлар К.Алламбергенов ҳәм Ө.Әлеўовлар сөзге шығып, институтта шөлкемлестирилип атырған илимий кеңес республикамыздағы жоқары оқыў орынларының илимий потенциалы жоқары кадрлар менен тәмийинлеўиндеги хызмети жоқары болатуғынлығын атап өтти.

Мағлыўмат ушын, институтта шөлкемлестирилген DSc.03/30.12.2019.Ped.34.01-санлы илимий кеңесте:

13.00.01 – Педагогика теориясы. Педагогикалық тәлийматлар тарийхы;

13.00.02 – Тәлим ҳәм тәрбия теориясы ҳәм методикасы қәнигеликлери бойынша диссертациялар қорғалады.

Илимий кеңес қурамы 14 адамнан ибарат болып, олардың ярымынан көбиси Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты штатларында жумыс алып бармақта.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.