Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Жойбарлаў басқармасы миллий агентлиги  жанындағы Электрон ҳүкимет ҳәм санлы экономика жойбарларын басқарыў орайынан мәлим етиўинше, бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталының мобиль қосымшасы иске түсирилди.

Енди, Android операциялық системасы базасындағы мобиль қурылмалардың ийелери белгили бир мәмлекетлик хызметлеринен қәлеген ўақытта, үйинен шықпаған ҳалда ҳәм мәмлекетлик уйымларға бармай-ақ пайдаланыўы мүмкин.

Иске түсирилген қосымшада бир қатар транзакциялық хызметлер (мәмлекетлик уйым хызметкериниң қатнасыўысыз көрсетилген хызметлер) усынылады. Мысал ушын, оннан жол ҳәрекети қағыйдаларын бузғанлығы ушын жәрийма ҳаққында мағлыўмат алыў мүмкин ҳәм бул жәрийма хаққында мағлыўмат алыў бийпул. Сондай-ақ, жеке жыйналып барылатуғын пенсия есап бетиндеги қаржылардың жағдайы, есапланған мийнет ҳақы суммалары, коммунал хызметлери бойынща жеке есап бети хаққында мағлыўмат алыў да мүмкин.

Ҳәзирги күнде Орай тәрепинен мобиль қосымша арқалы көрсетилетуғын интерактив хызметлер шеңберин кеңейтиў, сондай-ақ, Бирден-бир порталдың мобиль қосымшасын iOS операциялық системасы базасындағы қурылмалар ушын ислеп шығыў бойынша жедел жумыс алып барылмақта.

ӨзА