ҚОРҒАНЫЎ МИНИСТРЛИГИ МУНӘСИБЕТ БИЛДИРДИ.

Бизге белгили, соңғы күнлерде АҚШтың Иран менен өз-ара қарама-қарсылықлары дүнья жәмийетшилигиниң дыққат-итибарында болып келмекте.

Халықаралық шөлкемлер ҳәм ғалаба хабар қураллары усы ўақыя туўралы өз көз-қарасларына бола түрлише мүнәсибетлер билдирмекте.

Усы сыяқлы көзқарасларды бақлар екенбиз, еки мәмлекет арасындағы бул қарама-қарсылыққаа билдирип атырған мунәсибетлерди барлық ўақытта да және қалыслық пенен билдирилмей атырғанлығына гуўа боламыз.

Атап айтқанда, 2019-жылдың июнь айларынан баслап сырт елли белсенди сиясатшылар тәрепинен жәҳән мәлимлеме дереклеринде АҚШтың Иранға жақын мәмлекет аймақларында жайластырылыўы режелестирилген әскерий базалар картасы жәриялана басланды.

АҚШтың әскерий базалары жайластырылган, деп тарқатылып атырған карталарда Өзбекстанның Шыршық ҳәм Ханабад аймақлары да көрсетилген.

Бул көзқарасларға мүнәсибет бойынша Өзбекстан Республикасы Қорғаныў Министрлигиниң баспасөз хызметине мүрәжат еткенимизде, Өзбекстан аймағында тек ғана АҚШтың емес, ҳәттеки басқа да бирде-бир сырт мәмлекетлердиң әскерий базалары жайластырылмағанлығын мәлим етти.

ӨзА