Елликқала районында жүз берген ЖТҲда 58 жаслы пуқара қайтыс болды, деп хабар бермекте «Дарё».

Хабарда жазылыўынша, ўақыя 7-январь күни саат 20:40 ларда Елликқала районы аймағынан өткен А-380 Ғузар-Бухара-Нөкис-Бейнеў автомобиль жолының 610-километринде жүз берген.

Усы район турғыны 27 жаслы транспорт басқарыўшысы Д.Х. өз әкесине тийисли «Nexia» автомобилин басқарып баратырғанда жолдың белгиленбеген жеринен кесип өтип баратырған 58 жаслы пияда Р.Қ.ны дүгип кеткен. Ақыбетинде жәбирлениўши дене жарақатын алып, емлеўханада қайтыс болған.

ЖТҲ себеби үйренилгенде, «Nexia» басқарыўшысы тезликти көбейткени ақыбетинде жолдың белгиленбеген жеринен кесип өтип баратырған пияданы көрмей қалып, дүгип кеткен.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.