Өзбекстан Жаслар аўқамы Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси ағзаларынан ибарат бир топар жаслар Арал теңизиниң қурып қалған ултанында «Жасыл қапламалар» – қорғаў тоғайлықларын жаратыў жумысларында жергиликли ҳәм Өзбекстан Республикасының барлық ўәлаятларынан келип мийнет етип атырған жумысшылардың ҳалынан хабар алыў, олардың машақатлы мийнет процесслери менен танысыў мақсетинде сол  аймақта болды.

Саяхат даўамында жаслар сексеўил ҳәм басқа да өсимликлердиӊ туқымларын жыйнаў ҳәм оларды егиў процесслери менен жақыннан танысты және жумысшыларға қол көмеклерин берип, трактор ҳәм сексеўилдиң туқымларын сеўип атырған самолётлардың басқарыўшылары менен жақыннан сәўбетлести.

 

 

Барлық ўәлаятлардан келген жумысшы хызметкерлер сыяқлы районнан теңизге қарай дерлик 200 шақырым қашықлықтағы майданларда  да пидайы ўатанласларымыз, соның ишинде, жергиликли механизаторлар мийнет етип атыр.

Усы аймақта Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи Т.Худайбергенов, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Ерниязов және Министрлер Кеңесиниң Баслығы Қ.Сариевтиӊ жаслар менен ушырасыўы шөлкемлестирилди.

 

 

Жоқары көтериңкилик руўхында болып өткен сәўбетлесиўде Арал теңизиниң қурып қалған ултанында әмелге асырылып атырған кең көлемли жумыслардың мазмун-мәниси ҳәм жаслардың тилек усыныслары тыңланды. Қара үй ҳәм палаткалар бой тиклеген теңиздиӊ ултанында жаслар тәрепинен Ана Ўатан, Мойнақ ҳәм Арал теңизиниң ултанында әмелге асырылып атырған дөретиўшылык жумысларына үнлес қосықлар жаңлады.

–Биз бул жерге Аралды ҳәм арал апатшылығы ақыбетлерин жумсартыў жолында шын кеўилден мийнет етип атырған ўатанласларымызды өз көзимиз бенен көриў мақсетинде келдик, – деди Ниҳол сыйлығының лауреаты С.Аяпов. –Бирақ, олардың мине усындай қыйын шараятта мийнет етип атырғанлығын көрип бизлердиң де оларға жәрдем бергимиз, Арал тәғдири ушын жан күйдирип атырған пидайы инсанлардың жанында турып мийнет еткимиз келди. Өйткени, Арал тәғдири – биз келешек жаслардың да тәғдири.

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер

Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

 

Қарақалпақстан Хабар агентлиги