Илим ҳәм билимлендириў тараўындағы мәмлекетлик шөлкемлерде илимий, илимий-педагогикалық жумыслар ҳәм хызмет алып барып атырған илимий дәрежеге ийе болған хызметкерлерге қосымша ҳақы төлеў тәртиби ҳаққындағы Ҳүкиметлик қарар қабыл етилди. Бул ҳаққында «Ҳуқуқий ахборот» каналы хабар берди.

 

Қарарға муўапық, илим ҳәм билимлендириў тараўындағы мәмлекетлик шөлкемлерде илимий, илимий-педагогикалық жумыслар ҳәм хызмет алып барып атырған илимий дәрежеге ийе болған хызметкерлердиң лаўазымлық мийнет ҳақысына:

 

– илим кандидаты ямаса философия докторы (PhD) илимий дәрежесине ийе болған адамлар ушын – лаўазымлық мийнет ҳақысының 30 процентине шекем;

– илим докторы (Doctor of Science) илимий дәрежесине ийе болған адамлар ушын – лаўазымлық мийнет ҳақысының 60 процентине шекем қосымша ҳақы төлеў системасы енгизилди.

 

Қосымша ҳақы тийисли критериялардың орынланыўын баҳалаў нәтийжелери бойынша және қурамлық бөлим басшысының усыныснамасы ҳәм шөлкемниң коллегиаллық органының қарары тийкарында ҳәр бир хызметкердиң илимий-педагогикалық ҳәм хызмет түрине қосқан үлесин есапқа алған ҳалда белгиленеди.

Қарар тийкарында, сондай-ақ, илимий дәрежеге ийе болған хызметкерлерге қосымша ҳақы төлеў тәртиби ҳаққындағы устав тастыйықланды.

Оған муўапық, қосымша ҳақы бир мәртелик ямаса айлық тәризинде белгилениўи мүмкин. Қосымша айлық төлемин белгилеўдиң ең узақ мүддети бир жылдан артып кетпеўи керек.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.