Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 23-декабрь күни Ғәрезсиз Мәмлекетлердиң Дослық Аўқамынан бақлаўшылар миссиясы басшылығында мәмлекетимизде болып турған ҒМДА Атқарыў комитетиниң баслығы – Атқарыўшы хаткери Сергей Лебедевты қабыллады.

Мәмлекетимиз басшысы мийманды қызғын қутлықлап, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Нызамшылық палатасы ҳәм жергиликли Кеңеслерге гезектеги сайлаўларға таярлық көриў ҳәм оны өткериў дәўиринде ҒМДА миссиясы белсене ислегенлигин атап өтилди.

Сергей Лебедев сайлаўды бақлаўда қатнасыўға мирәт еткени, қалаберсе, Дослық Аўқамына ағза мәмлекетлер ҳәм Атқарыў комитетинен 180 ўәкилден ибарат ҒМДА бақлаўшылары миссиясының нәтийжели жумысын тәмийинлеў жолында жаратылған қолайлы шараятлар ушын шын кеўилден  өз миннетдаршылығын билдирди.

Сайлаў процеси жоқары дәрежеде шөлкемлестирилгенлиги, миллий нызамшылық ҳәм халықаралық стандартларға толық сәйкес түрде өткенлиги атап өтилди.

ҒДМА Атқарыўшы хаткери сайлаў көп партиялылық тийкарында, еркин, ашық-айдын ҳәм бәсеки орталығында өткенин, мәмлекеттеги демократиялық өзгерислерди тереңлестириўдиң әхмийетли факторы болғанлығын атап өтти.

Ушарысыўда, сондай-ақ, Өзбекстанның Дослық Аўқамы мәмлекетлери менен көп тәреплеме бирге ислесиўи перспективалары бойынша пикир алысылди. Өзбекстанның 2020-жылда ҒМДАда басшылық етиўин нәтийжели шөлкемлестириў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.

 

ӨзА