Сайлаў процеси республикамыздың барлық аймақларында қызғын даўам етпекте.

Мойнақ районының «Мәдели» аўыл пуқаралар жыйыны Порлытаў аўылындағы 6-санлы «Аққала» сайлаў округине қараслы 354-санлы сайлаў участкасында бүгин 716 пуқара өзи мүнәсип деп билген талабанларға даўыс бериўи күтилмекте.

– Президентимиз Ш.Мирзиёевтиң «Сайлаў процесине заманагөй мәлимлеме-коммуникация технологияларын енгизиў илажлары ҳаққында»ғы қарары менен участкамыздағы сайлаўшылардың электрон дизими қәлиплестирилди, -дейди усы аймақтағы 12-санлы улыўма орта билим бериў мектеби директорының руўхый-ағартыўшылық ислер бойынша орынбасары, сайлаў участкасының хаткери Айбек Сейтназаров. – Бул дизим пуқараларды сайлаў участкаларына бөлистириў, сайлаўшының өзи жасап атырған жердеги сайлаў участкасы ҳаққында мағлыўмат алыў имканиятын жаратып, округлик ҳәм участкалық сайлаў комиссияларының жумысын жеңиллестирмекте.

Өзбекстан жаслар аўқамы Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси тәрепинен «Мәдели» аўыл пуқаралар жыйыны Порлытаў аўылындағы 354-санлы сайлаў участкасында сайлаўда жаслардың белсендилигин арттырыў, олардың ҳуқықый билимин жетилистириў мақсетинде «Мениң биринши сайлаўым» акциясы өткерилип, биринши мәрте даўыс берип атырған жасларға «Ел перзенти» атамасындағы китаплар саўға етилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.