Сайлаў – 2019

Бүгин сайлаў мапазындағы сайлаўалды үгитнәсият жумыслары, оған бағышланған илажлар өткерилетуғын соңғы күн.

Өзбекстан «Адолат» СДПдан Олий Мажлис Нызамшылық палатасы депутатлығына 7-санлы «Арал» сайлаў округинен талабан етип көрсетилген Нурлыбай Қайыпбергенов, 3-санлы Елликқала сайлаў округинен талабан етип көрсетилген Зухра Ибрагимовалардың сайлаўшылар менен ушырасыўы өткерилди.

Ушырасыўларда исенимли ўәкиллер талабанлардың өмир жолы ҳәм алға қойған мақсетлери туўралы кең түрде мағлыўмат берди.

Талабанлардың сайлаўалды бағдарламасында алға қойылған идеялар, ҳаял-қызлар ҳәм жаслар турмысына байланыслы мәселелер, әсиресе, денсаўлықты сақлаў, халық ушын мүнәсип турмыс шараятын жаратыў сыяқлы мақсетлер қатнасыўшылар тәрепинен талқыланып, пикир-усыныслар билдирилди.

Аймақ турғынлары өзлериниң шешилмей атырған мәселелери туўралы мүрәжат етип, қызықтырған сораўларына жуўап алды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.