Шавкат Мирзиёевтиң Японияға рәсмий сапары даўамында көплеген ҳүжжетлерге қол қойылды. Дүньяның ең раўажланған мәмлекетлериниң қатарына киретуғын Япония Өзбекстандағы қурамалы экологиялық жағдайда болған Арал бойы аймағы халқының турмыс дәрежесин жақсылаў ушын 346 миллион иена муғдарында бийғәрез жәрдем ажырататуғын болды (бул 3,2 миллион АҚШ доллары әтирапындағы суммаға тең), деп жазады Kun.uz сайты.

Тәреплер бул бойынша қол қойылған ноталарды алмасты. Өзбекстан тәрепи бул келисимди жоқары ҳүрмет белгиси сыпатында қабыллады.

Япония бас министри Синдзо Абэ ҒХҚ ушын өткерилген брифингде бул бойынша өз пикирлерин билдирди.

– Япония ҳүкимети Арал бойы аймағындағы қурамалы экологиялық жағдайды түсинген ҳалда бул аймақ халқының турмыс тәризин жақсылаў мақсетинде халықаралық шөлкемлер қатнасыўында өз үлесин қосыў нийетинде, – деп айтқан Япония бас министри.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.