20-декабрь

 

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты Баслығының орынбасары Муса Ерниязов 1947-жылы 20-декабрьде Қарақалпақстанда туўылған.

 

Муса Ерниязов 1971-жылы Ташкент ирригация ҳәм мелиорация институтын (ҳәзирги Ташкент ирригация ҳәм аўыл хожалығын механизациялаў инженерлери институты) питкерген. Мийнет жолы даўамында жуўапкерли ўазыйпаларда ислеп киятырған Муса Ерниязов бир қатар жоқары сыйлық ҳәм орденлер менен сыйлықланған. Атап айтқанда, «Өзбекстан Республикасында хызмет көрсеткен қурылысшы», «Қарақалпақстан Республикасында хызмет көрсеткен қурылысшы» ҳүрметли атақлары, «Меҳнат шуҳрати», «Фидокорона хизматлари учун» орденлери менен сыйлықланған.

Президентимиздиң 2019-жыл 28-августтағы тийисли пәрманына муўапық, Муса Ерниязовқа да «Өзбекстан Қаҳарманы» атағы берилди.

 

ӨзА.