Мәмлекетлик хызметлер агентлиги тараўдағы хызметлерди жетилистириў ҳәм мәмлекетлик хызметлер орайларына келип, мүрәжат етиўшилер ушын қолайлы шараятларды жаратыў мақсетинде онлайн тәризде электрон нәўбетте турыў системасын жаратты. Бул ҳаққында бизге орайдың мәлимлеме хызмети хабар берди.

Енди онлайн режимде электрон нәўбетте турыў имканияты жаратылды.

Бул система Мәмлекетлик хызметлер орайларының электрон нәўбетте турыў платформасы менен интеграцияластырылған.

Мәмлекетлик хызметлер орайына киятырған ўақтыңызда мобиль телефоныңыз арқалы нәўбетке жазылыўыңыз мүмкин. Бул болса ҳәр бир пуқараның ўақтын үнемлеўине имканият жаратады.

Буның ушын тек ғана www.davxizmat.uz сайтына кириўиңиз жеткиликли. Система автомат тәризде сизге ең жақын жердеги Мәмлекетлик хызметлер орайын усыныс етеди.

Төменде сиз онлайн тәризде электрон нәўбетке жазылыўдың избе-излиги менен танысыўыңыз мүмкин.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.