Сайлаў – 2019

 

  1. 1. Даўыс бериў ўақтын ҳәм орнын қай жерден билсек болады?

Бул ҳаққында участкалық сайлаў комиссиясы сайлаўшыларды сайлаўдан кеминде 10 күн бурын хабардар етеди. Толық мағлыўматты Өзбекстан Республикасы Нызам ҳүжжетлери мағлыўматлар миллий базасы (http://lex.uz/docs/4386846)  арқалы алыўға болады.

  1. 2. Даўыс бериў қашан өткериледи?

Сайлаў күни (22-декабрь) саат 08.00 ден баслап 20.00 ға шекем даўыс бериў мүмкин болады.

  1. 3. Даўыс бериў ушын шахсын тастыйықлаўшы ҳүжжет шәрт пе?

Шәрт болады. Сайлаўшы участкалық сайлаў комиссиясының ағзасына өз шахсын тастыйықлаўшы ҳүжжеттин көрсетип, сайлаўшылар дизимине қол қойғанынан кейин оған сайлаў бюллетени бериледи.

  1. 4. Пуқараның фамилиясы сайлаўшылар дизиминде болмағанда қандай ҳәрекетлер болады?

Бундай жағдайда сайлаўшы шахсын, пуқаралығын ҳәм жасаў орнын тастыйықлаўшы ҳүжжети тийкарында сайлаўшылар дизиминиң қосымшасына киргизиледи ҳәм оған сайлаў бюллетени бериледи.

  1. 5. Даўыс бериў ўақтында сайлаў бюллетени бузылса не ислеў керек?

Сайлаўшының өтинишине бола жаңасына алмастырыў мүмкиншилиги болады.

  1. 6. Даўыс бериў бөлмесине жақын ағайинлер менен бирге кириўге бола ма?

Даўыс бериў бөлмесинде сайлаў бюллетенин толтырыў ўақтында даўыс бериўши шахстың өзинен басқа шахслардың болыўы қадаған етиледи.

  1. 7. Сайлаўшы бюллетенин еркин толтырыў имканиятына ийе болмаса не ислеў керек?

Бундай жағдайда өз қәлеўине бола жасырын даўыс бериў бөлмесине басқа шахсты шақырыўға ҳақылы. Сайлаў комиссиясы қурамына киретуғын шахслар, бақлаўшылар ҳәм ғалаба хабар қураллары ўәкиллери шақырыўға болатуғынлардың қатарына кирмейди.

  1. 8. Ўақтынша жасаў орны бойынша сайлаўда қатнасыў мүмкин бе?

Қатнасыў мүмкин. Сайлаў күнине шекем ямаса сайлаў күни 18 жасқа толған пуқаралар турақлы ямаса ўақтынша жасаў орынларындағы сайлаў участкасында даўыс бериў ҳуқықына ийе.

  1. 9. Денсаўлығы ямаса басқа себеплерге бола даўыс бериў орнына келе алмаған сайлаўшыларға қандай мүмкиншиликлер болады?

Сайлаў участкасы тийисли комиссияның кеминде 2 ағзасы көшпели сайлаў қутысы менен сайлаўшының турған орнына барып сол жерде даўыс бериў мүмкиншилигин жаратады.

  1. 10. Кимлер даўыс бериў ҳуқықына ийе емес?

Өзбекстан Республикасы Сайлаў кодексиниң 5-статьясы тийкарында

– суд тәрепинен қарым-қатнас жасаў уқыбына ийе емес деп табылған;

– аўыр ҳәм оғада аўыр жынаятларды ислегени ушын судтың ҳүкими менен еркинен айырыў орынларында сақланып атырған шахслар.

 

Сораў-жуўапты таярлаған:

Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлигиниң

бөлим баслығы

А.Өтеулиев.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.