Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң шөлкемлестириўинде «Республикада жаңадан қурылып атырған турақ жайлардың техникалық жағдайы ҳәм сапасы» атамасында баспасөз конференциясы өткерилди.

Оған тийисли министрликлер менен шөлкемлердиң жуўапкер қәнигелери, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Конференцияны Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети баслығы Ч.Елмуратов алып барды.

Конференцияда Қарақалпақстан Республикасы Турақ жай комуналлық хызмет көрсетиў министриниң орынбасары Ж.Ҳабибуллаев, «Үйжайфондыинспекциясы» Қарақалпақстан аймақлық инспекциясының баслығы З.Ражабов, Қурылыс тараўында қадағалаў инспекциясының бөлим баслығы Қ.Қалниязовлар шығып сөйлеп, әмелге асырып атырған жумыслары, соның ишинде, көп қабатлы турақ жайларды жаңалаў ушын ислеп шығарылған бағдарлама тийкарында исленген жумыслар бойынша мағлыўмат берди.

Бул бойынша Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2018-жыл 29-ноябрьдеги 1017-ф-санлы бийлигине муўапық, республикамыз аймағындағы авариялық жағдайға келип қалған көп квартиралы турақ жайларды үйрениў бойынша комиссия дүзилип,  быйыл 1311 көп квартиралы турақ жайлар визуал үйренилген. Нәтийжеде, жәми 107 жайда авариялық жағдайдың белгилери анықланған. Ҳәзирги ўақытта оларда анық үйрениў жумыслары әмелге асырылып техникалық жуўмағы күтилмекте.

Атап өтилгениндей, бузылыўы белгиленген көп квартиралы жайларда жасайтуғын пуқараларды белгиленген тәртипте көширип ҳәм жаңа турақ жай менен тәмийинлеген ҳалда 2020-жылдың ақырына шекем бузыў усы бийликке муўапық Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимлигине тапсырылған.

Конференция қатнасыўшылары тәрепинен берилген сораўларда, тийкарынан жаңадан қурылып атырған турақ жайлардың айырымларының техникалық ҳәм авариялық жағдайы, канализация, электр энергиясы менен тәмийинлеў мәселелери көтерилди. Қәте-кемшиликлер атап өтилип пикир-усыныслар билдирилди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.