Президентимиздиң басламасы менен шөлкемлестирилген, шарўашылыққа қәнигелестирилген Бозатаў районындағы 4 сектор басшылары қатнасыўында аймақларда  Президентимиздиң усы жыл  7-ноябрьдеги «Қарақалпақстан Республикасында шарўашылық тармақларын жедел раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы қарарының  мазмун-мәниси, район ҳәкиминиң исбилерменлерге мүрәжатынан келип шығатуғын ўазыйпалар ҳәм оны ҳәр бир шаңараққа жеткериў, сондай-ақ, гүзги-қысқы мәўсимге таярлықтың барысы, халықты қыйнап киятырған мәселелер бойынша ушырасыўлар өткерилмекте.

Мәселен, район ҳәкими Махмуд Қайпанов «Аспантай» аўыл ҳәм «Бозатаў» посёлкалық пуқаралар жыйынларында, район прокуроры Зулфиқар Ережепов «Қусханатаў», Ишки ислер бөлиминиң баслығы Руслан Турғанбаев «Көк суў», мәмлекетлик салық инспекциясының баслығы Жәнибек Казбеков «Еркиндәрья» аўыл пуқаралар жыйынларында халық пенен ушырасыўлар өткермекте.

Ушырасыўларда атап өтилгениндей, Президентимиздиң қарарына муўапық, шарўа малларын санаат усылында бағыўға суўғарылатуғын жерлер ҳәм оларды жайыў ушын пишензарлар ҳәм жайлаўлар, сондай-ақ, шарўашылық комплекслери, шарўашылық өнимлерин қайта ислеў, от-жем ислеп шығарыў мақсетинде имарат ҳәм объектлерди қурыў ушын, аўыл хожалығында пайдаланылмайтуғын жер участкасы болмаған жағдайда, зүрәәтлилиги төмен суўғарылатуғын жер участкалары, бурынғысынан басқаша тәризде, таңлаў ҳәм аукцион өткерилместен Қарақалпақстан Республикасында шарўашылықты жедел раўажландырыў бойынша комиссияның усынысына тийкарланып ажыратып бериледи. Районда шарўашылықты раўажландырыў бойынша жойбарлар «Халық банки», Азия раўажланыў банкиниң қатнасыўында Агросанаат комплекси ҳәм азық-аўқат тәмийнаты тараўындағы жойбарларды әмелге асырыў агентлиги, ўәкилликли банклер тәрепинен «Ҳәр бир шаңарақ – исбилермен»,  «Yoshlar – kelajagimiz» Мәмлекетлик бағдарламалары шеңберинде тийисли қаржылар ажыратыў белгиленген. Елимиздиң экономикалық турақлылығын тәмийинлеўге мүнәсип үлес қосып киятырған исбилерменлерди қоллап-қуўатлаў, оларға қолайлы орталық жаратыў, жеңиллетилген кредит қаржыларын ажыратыў, усының есабынан халықтың бәнтлигин тәмийинлеў бүгинги күнниң әҳмийетли ўазыйпаларынан бири болып табылады. Район ҳәкимминиң мүрәжатында атап өтилгениндей, исбилерменлер қоллап-қуўатланады, зәрүр шараятлар жаратылады.  Себеби, олар тәрепинен әмелге асырылатуғын ҳәр бир жойбар  халықтың абадан турмысын, жаслардың бахытлы келешегин тәмийинлеўге хызмет етеди.

Районның сектор басшылары тәрепинен орынларда өткерилип атырған ушырасыўларда халықтан коммуналлық хызметтиң сапасын жақсылаў, жолларды оңлаў, бәнтликти тәмийинлеў  ҳәм басқа да әҳмийетли мәселелер бойынша 200 дын зыят мүрәжат келип түсти. Соннан 168 мүрәжат сол жердиң өзинде шешимин тапты. Қалғанлары ўақыт талап ететуғын болғанлықтан тийисли тараў басшылары тәрепинен үйренип шығылмақта.

–Сектор басшылары менен болған ушырасыўда электр тәмийнатындағы машқалам бойынша мүрәжат еттим,-дейди  «Еркиндәрья» аўыл пуқаралар жыйынының турғыны Жарылқасын Қосжанов. –Мениң мүрәжатын тез арада шешилип, аймағымызға жаңадан подстанция қурып берилди. Соның нәтийжесинде электр тәмийнатындағы машқала шешимин тапты. Буннан халқымыз жүдә миннетдар.

Районда бул бағдардағы ушырасыўлар даўам етпекте.

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.

М.ҲӘБИЙБУЛЛАЕВ тың түсирген сүўретлери.