«Жас китапқумар-2019» таңлаўының  Өзбекстан Республикасы басқышында 15-19  жастағы қатнасыўшылар арасында Төрткүл районындағы 12-санлы улыўма билим бериў мектебиниң 10-класс оқыўшысы Шаҳзода Каримбаева  жеңимпазлықты қолға киргизип, Президентимиздиң саўғасы-«Спарк»автомашинасы менен сыйлықланды.

Президентимиздиң басламасы менен жаслардың руўхый дүньясын байытыў, оларды китап оқыўға қызықтырыў, китапқумарлық мәдениятын арттырыў, солай етип, жас әўладтың руўхый-интеллектуаллық потенциалын, сана-сезимин ҳәм дүнья танымын кеңейтиўге айрықша итибар қаратылмақта. Себеби, билимли, озық ойлы, туўылған елине ҳәм халқына садықлық сезими менен жасайтуғын бәркамал шахсты тәрбиялаўда китапқумарлық айрықша әҳмийетке ийе. Бунда Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 13-сентябрьдеги «Китап өнимлерин басып шығарыў ҳәм тарқатыў системасын раўажландырыў, китап оқыўды ҳәм китапқумарлық мәдениятын арттырыў және үгит-нәсиятлаў бойынша комплексли илажлар бағдарламасы ҳаққында»ғы қарары, соның менен бирге елимиз бойлап жаслар арасында кеңнен енгизилип атырған «Бес баслама-бес имканият» сүрени астындағы баслама әҳмийетли бағдарлама болып хызмет етпекте.

Бул бағдарда республикамызда да кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта. Өткен жылы Кегейли районынан Нурсылыў Қоқанова «Жас китапқумар» таңлаўының Өзбекстан Республикасы басқышында биринши орынды ийелеп, Президентимиздиң саўғасы-«Спарк»автомашинасы менен сыйлықланған еди. Мине және бир оқыўшымыз жеңимпазлықты қолға киргизди.

Әлбетте, билим, мийнет, тынымсыз изленис ҳеш ўақытта итибардан шетте қалмайды. Шаҳзода Каримбаева  өткен жылы усы таңлаўдың 10-14  жастағы қатнасыўшылары арасында екинши орынды ийелеп, компьютер комплекти менен сыйлықланған еди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.