БМШ ўәкили Өзбекстан Президентине ҳаял-қызлардың ҳуқықларын тәмийинлеўге қаратылған жумыслар ушын миннетдаршылық билдирди

Самарқандта Азия ҳаял-қызлар форумы даўам етпекте. Форумда БМШ Бас хаткериниң орынбасары, «БМШ – ҳаял-қызлар» структурасының атқарыўшы директоры Сами Бахус Өзбекстан Президентине мәмлекетте ҳаял-қызлардың ҳуқықлары менен имканиятларын үгит-нәсиятлаўға садық екени, бул форумды өз ўақтында өткериў басламасы ушын миннетдаршылық билдирди.
– Дүнья жүзи бойлап мийнет нызамшылығында тең ҳуқықлық күшейтилмекте, – деди С.Бахус. – Дүньяның көплеген мәмлекетлеринде басшы лаўазымларында ҳаял-қызлар ушын квоталар ҳәм директорлар кеңеси ағзалығы ҳақыйқатқа айланды. Аналар өлимшилигиниң қысқарыўы даўам етпекте. Баслаўыш билим алыў имканиятына ийе болған қызлардың саны барған сайын артып бармақта. Көплеген тараўларда, соның ишинде, экономика тараўында ҳәм гендер теңлик бағдарында табысқа ерисилди. Мысал ушын, Өзбекстанда теңдей баҳадағы мийнетке теңдей ҳақы төлеў енгизилди. Ҳаял-қызларды санаат кәрханалары ҳәм қәўипли деп табылған жумысларға тартыў бойынша шеклеўлер алып тасланды. Бул қарарларды биз қоллап-қуўатлаймыз.
Дүньяда жүз берип атырған көплеген кризислер көбирек ҳаял-қызларға өзиниң унамсыз тәсирин өткерип атырғанын БМШ ўәкили өз алдына атап өтти. Буның жарқын мысалы Газа болып есапланады. Мен жеделлик пенен урысты тоқтатыўға шақыраман. Ҳәр үшинши ҳаял еле де күш көрсетиў ҳәм қуўдалаўларға дус келмекте. Тийкарғы себеп – кемситиўши нормалар ҳәм нызамшылық системасы болып есапланады. Ҳаял-қызлар арасында жумыссызлық дәрежеси 50 процентти, ер адамлар арасында болса 30 процентти қурайды.
«Раўажландырыў ҳәм қаржыландырыў бойынша миннетлемелерге гендер машқаласын киргизиў, гендер тәреплерин есапқа алатуғын экономикалық ҳәм жәмийетлик сиясат жүргизиў, ҳаял-қызлар шөлкемлери ҳәм бирлеспелерин қаржыландырыў зәрүр. Ең баслысы, бир команда болып ҳәрекет етиў, улыўма көзқарасларды қәлиплестириў, улыўма шешимлерди ислеп шығыў, биргеликте ҳәрекет етиў ҳәм улыўм есап бериўди тәмийинлеўди жуўапкершилигимизге алыў ушын бирлесемиз. Бизди тарийхый Самарқандта қабыллағаны ушын Өзбекстан ҳүкиметине және бир мәрте миннетдаршылық билдиремен», деди баянатшы.
Норгул Абдураимова, ӨзА