Бәриңизге белгили болғанындай, усы жылдың 14-15-ноябрь күнлери Қарақалпақстан Республикасында Халықаралық инвестициялық форум болып өтти. Хош, усы форум жуўмақлары бойынша Қарақалпақстан Республикасы мысалында қандай нәтийжелерге ерисилди? Бул ҳаққындағы сораўымызға Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министри Бахытжан Хабибуллаев төмендегише мағлыўмат берди:

– Қарақапақстан Республикасында  еки күн даўам еткен бул форум «Жедел инвестициялар ҳәм социаллық раўажланыў жылы» Мәмлекетлик бағдарламасында белгиленген илажларды орынлаўдың логикалық  даўамы сыпатында үлкен әҳмийетке ийе болды.

Форумда тийкарынан Қытай Халық Республикасы, Қубла Корея, Германия, Россия, Қазақстан сыяқлы  10 лаған мәмлекеттен – жәми 70 инвестор менен мийманлар қатнасты.

Сапардың дәслепки күнинде мийманлар Қарақалпақстанныӊ инвестициялық, экспортлық ҳәм  туристлик потенциалы, аймақта шет елли инвесторлар ушын жаратылған қолайлықлар, соның ишинде,  салық ҳәм бажыхана жеӊилликлери менен танысты.

Əҳмийетлиси, мийманлар республикамызда соңғы жылларда ерисилген нәтийжелерге гүўа болды ҳәм алдағы ўақытта аймағымызда инвестициялық ҳәм экономикалық бағдарда бирге ислесиўге қызығыўшылық билдирди.

Нәтийжеде форум жуўмақлары бойынша жәми 313 миллион АҚШ доллары муғдарыындағы 18 саўда-экономикалық келисимлерге ерисилип, тийисли меморандумларға қол қойылды.

Усы келисимлерден 15 си инвестициялық, ал қалған үшеўи экспорт бағдарындағы бирге ислесиў жойбарлары болып табылады.

Әлбетте, шет ел инвесторлары менен бирге ислесиў усы форум менен шекленип қалмайды. Бул бағдардағы жумыслар ҳәр күни даўам ете береди. Биз әйне пайытта, буннан басқа бир неше мәмлекетлер менен бирге ислесиў бағдарында сөйлесиўлер алып бармақтамыз.

Бизиң тийкарғы мақсетимиз де  аймағымызда буннан былай да санаат, аўыл хожалығы ҳәм хызмет көрсетиў сыяқлы тараўларда инвестициялық жойбарларды дүзиў ҳәм сол арқалы экономикалық потенциалымызды арттырыў, соның нәтийжесинде халқымызды жаңа жумыс орынлары менен тәмийинлеўден ибарат.

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер

Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети