Бурын хабар еткенимиздей, Олимпиада ҳәм миллий спорт түрлери бойынша Нөкис жоқары спорт шеберлиги мектебинде көркем гимнастика бойынша Өзбекстан кубоги жарыслары жуўмақланды.
Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикалары Денетәрбия ҳәм спорт министрлиги, Гимнастика федерациялары тәрепинен шөлкемлестирилген жарыста елимиздиң барлық ўәлаятларынан, Ташкент қаласынан ҳәм республикамыздан күшли спортшылар қатнасып, улыўма командалық ҳәм жеке бириншилик бойынша өз-ара күш сынасты.
Көркем гимнастиканың барлық түрлери бойынша улыўма командалық есапта Бухара ўәлаяты командасы биринши, республикалық жоқары спорт шеберлиги мектеби екинши, Ташкент қаласы командасы үшинши орынларды, жеке бириншиликте болса, спорт шеберлигине талабанлар арасында Ташкент қаласынан Эвелина Атальянц, спорт шеберлери арасында Самарканд ўәлаятынан Тахмина Икрамова биринши орынларды ийеледи. Соның менен бирге, скакалка бойынша спорт шеберлигине талабанлар арасында Ташкент қаласынан Ёсмина Рахимова, қалқа бойынша спорт шеберлери арасында Нөкис қаласынан Наргиза Джуманиязова, топ бойынша спорт шеберлигине талабанлар арасында Ташкент қаласынан Эвелина Атальянц, спорт шеберлери арасында Ташкент қаласынан Лола Закирова, шоқмар бойынша спорт шеберлигине талабанлар арасында Ташкент қаласынан Эвелина Атальянц, спорт шеберлери арасында Самарканд ўәлаятынан Тахмина Икрамова, лента бойынша спорт шеберлигине талабанлар арасында Ташкент қаласынан Мария Пак, спорт шеберлери арасында Ташкент қаласынан Лола Закирова, бес топ бойынша командалық есапта Бухара ўәлаяты, қалқа ҳәм шоқмар бойынша республикалық жоқары спорт шеберлиги мектеби биринши орынларды қолға киргизди.
-Үш күн даўам еткен жарыс жоқары дәрежеде өтти,-дейди бас төреши Татьяна Васильевна Кун.-Оны шөлкемлестириўде жақыннан жәрдем берген инсанларға, соның ишинде Олимпиада ҳәм миллий спорт түрлери бойынша Нөкис жоқары спорт шеберлиги мектеби жәмәәтине миннетдаршылық билдиремиз.
Жарыс жеңимпазлары шөлкемлестириўшилер тәрепинен диплом және естелик саўғалары менен сыйлықланды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.