Бүгин Олимпиада ҳәм миллий спорт түрлери бойынша Нөкис жоқары спорт шеберлиги мектебинде көркем гимнастика бойынша Өзбекстан кубоги жарыслары басланды.
Жарысқа елимиздиң барлық ўәлаятларынан, Ташкент қаласынан ҳәм республикамыздан күшли спортшылар қатнасып, үш күн даўамында командалаық ҳәм жеке бириншилик бойынша өз-ара күш сынасады.
Ашылыў салтанатында республикалық жоқары спорт шеберлиги мектебиниң директоры А.Умаралиев ҳәм басқалар шығып сөйлеп, елимизде спортты, соның ишинде көркем гимнастиканы раўажландырыў бойынша алып барылып атырған кең көлемли илажларға тоқтап өтти.
Ҳақыйқатында да, елимиздиң көркем гимнастика сайланды командасы Азияда жетекши орынларды ийелеп келмекте. Атап айтқанда, усы жылдың июнь айында Тайланд мәмлекетинде болып өткен Азия чемпионатында жас өспиримлеримиз бенен үлкен жастағылар улыўма командалық есапта биринши орынды ийеледи. Буннан тысқары, жеке бириншиликте болса, еки алтын, бир гүмис медалын қолға киргизди.
Өзбекстан кубогиниң жеңимпазлары 15-ноябрь күни анықланады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.