Ташкент педиатрия медицина институтының Нөкис филиалында «Спорт-беккем шаңарақ тийкары» сүрени астында спорт жарысы болып өтти.
Филиал хызметкерлери арасында шаңарақлық спортты раўажландырыў, ҳаял-қызлар ҳәм жаслар арасында спорттың ғалабалығына ерисиў, саламат турмыс тәризини кеңнен үгит-нәсиятлаў мақсетинде шөлкемлестирилген жарыста 11 шаңарақ ўәкиллери қатнасты. Олар «Шаққанлық ҳәм мергенлик», «Епшил ҳүжимши», «Денемизди тик услаймыз, секириўди баслаймыз». «Жуўырыў, эстафета элементлери ҳәм топты нышанаға тийгизиў», «Тезлик эстафетасы», «Шаққанлық эстафетасы», «Арқан тартысыў» сыяқлы шәртлер бойынша өз-ара жарысты.
Таңлаў жуўмағында Жамуратовлардың шаңарағы биринши орынды ийеледи. Екинши орын Мәўленов ҳәм Сапарниязовлардың шаңарақларына, үшинши орын Кузенбаевлар шаңарағына несип етти.
-Ҳәр бир байрам күнлери хызметкерлеримиз арасында шаңарақлық спорт жарысларын өткерип турыў дәстүрге айланбақта,-дейди филиал оқытыўшысы Байрам Генжемуратов.-Буннан гөзленген мақсет, елимиздиң басшысы тәрепинен алға қойылған бес басламаның орынланыўын тәмийинлеў ҳәм хызметкерлеримиз арасында кеңнен үгит-нәсиятлаўдан ибарат.
Жарыс жеңимпазлары ҳәм белсене қатнасқан шаңарақ ағзалары шөлкемлестириўшилер тәрепинен сыйлықланды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.