Алдын хабар еткенимиздей, усы жыл 28-октябрь ҳәм 6-ноябрь күнлери Түркия мәмлекетиниң Чорум қаласында 16 жасқа шекемги жаслар арасында Дүнья жүзилик Шахмат олимпиадасы болып өтетуғынлығы ҳәм усы олимпиадаға Өзбекстан сайланды командасы жөнеп кеткенлигин мәлим еткен едик.
Бүгин олардың ерискен жеңислери туўралы қуўанышлы хабарлар алдық.
Өзбекстан Шахмат федерациясы баспасөз хызметиниң мағлыўматларына қарағанда, спортшылардың жарысқа қатнасыў қәрежетлери Санлы экономиканы қоллап-қуўатлаў «Санлы исеним» фонды тәрепинен қаржыландырылған.
Спортшыларымыз халықаралық дәрежедеги гроссмейстерлер Нодирбек Абдусаттаров (Ташкент, 2004ж.т.), Жавоҳир Синдаров (Ташкент, 2005ж.т.), ФИДЕ спорт устасы Али Касимов (Самарқанд, 2003ж.т.), Муҳиддин Мадаминов (Ташкент, 2006ж.т.), халықаралық дәрежедеги спорт устасы Умида Омонова (Сурхандәрья, 2006ж.т.)лар 250 ден аслам шахматшылар арасында жақсы ойын көрсетип, командалық есапта екинши орынды ийеледи.
16 жасқа шекемги жаслар арасындағы Пүткил дүнья жүзилик Шахмат олимпиадасы 9 турдан ибарат болып, швейцарша системада өткерилди. 9-тур нәтийжесине бола, командамыз 15 балл топлады. Әзербайжан сайланды командасы 16 балл менен биринши, Беларусь сайланды командасы 14 балл менен үшинши орынды ийеледи.
Еслетип өтемиз: Өткен жылғы Дүнья жүзилик Шахмат олимпиадасында Өзбекстан сайланды командасы чемпионлықты қолға киргизген еди.
Ә.Жиемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги.