«Қоқанд- 1912» командасы арқалы Өзбекстан чемпионатына келген россиялық қорғаўшы  Игорь Голбан Өзбекстан пуқаралығын алыўды  қәлейди, деп хабар бермекте championat.asia сайыты.

Ҳәзирги ўақытта «Нәўбәҳәр» футбол командасы абырайын қорғап атырған Игорь Голбанның Өзбекстанға келип жасап атрырғанына келеси жылы 5 жыл толады.

Нызамға тийкарланып айтатуғын болсақ ,Өзбекстан пуқаралығын алыўына имканият жаратылады. Мағлыўматларға қарағанда,қорғаўшы  Өзбекстан Республикасы паспортын алыўды мақсет еткен. Егер де, келеси жылы Игорь Голбан Өзбекстан пуқаралығын алса, 2020-жылдан баслап Өзбекстан миллий сайланды командасына талабан футболшы және биреўге көбейеди.  «Пахтакор» командасы  усы тәжирейбели қорғаўшы Игорь Голбанға қызығып қалған, бирақ футболшының әмелдеги «Нәўбәҳәр»  командасы менен дүзилген келисим шәртнамасын 2023-жылға шекем әмел етеди.

Еслетип өтемиз, Игорь Голбан Өзбекстандағы  ойынлары даўамында «Қоқанд-1912», «Нәўбәҳәр», «Насаф», ҳәм 2018-жылдан баслап және «Нәўбәҳәр» командаларының абырайын усы күнге шекем қорғап келмекте.

                                                 Р.ҚУЎАНЫШБЕКОВ,

ҚМУ журналистика 4 – курс студенти

Қарақалпақстан хабар агентлиги