Қалыс пикир

 

Өзбекстан дүньялық мәмлекет болып, Конституцияның 61-статьясында: «Диний шөлкемлер ҳәм бирлеспелер мәмлекеттен ажыратылған және нызам алдында тең. Мәмлекет диний бирлеспелердиң жумысына араласпайды»,-деген норма қатаң белгилеп қойылған.

Усы мәнистен алып қарағанда, Өзбекстан диний дүзимнен дүньялық дүзимге ҳәм әсиресе, атеистлик дүзимге өтип атыр, деген гәплер тийкарсыз.

Ал, дүньялық деген не? Дүньялық айырым адамлардың қәте айтып атырғанындай, атеизм емес, Дүньялық қудайды, ийманды бийкарламайды.

Өзбекстанның дүньялық мәмлекет сыпатындағы диний тараўдағы сиясаты соннан ибарат, мәмлекет бирде-бир динди рәсмий, деп есапламайды ҳәм ҳеш бирин диний тийислилиги тийкарында басқа динлерден жоқары қоймайды.

Яғный мәмлекет динди сиясатластырыўға жол қоймайды, бирақ ҳәзирги ўақытта диний шөлкемлер ҳәм конфессиялардың раўажланыўына жәрдем береди, олардың ишки ислерине араласпайды, диндарларға диний талапларын қанаатландырыўына тосқынлық етпейди.

Мәмлекет диндарлардың диний мәресимлерди қалай өткериў керек екенлиги, нелерге әмел етиўи ямаса басқа да усы сыяқлы мәселелер бойынша көрсетпе бермейди. Булардың барлығы диний тараў ўәкиллериниң ўәкилликлерине киреди. Мәмлекетлик уйымлар барлық диний шөлкемлер тәрепинен нызамға әмел етилиўин қадағалайды.

Көринип турғанындай, мәмлекет қалыс төреши сыпатында хызмет көрсетеди ҳәм ҳәр бир шахстың ҳәр қандай динге исениўи ямаса исенбеўи ҳуқықын ҳүрмет етеди.

Соның менен бирге, мәмлекеттиң нызамлары ҳәм басқа да нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлери арқалы тәртипке салынатуғын мәселелерге диний шөлкемлердиң араласыўына жол қойылмайды. Мәселен, билимлендириў мәкемелериниң тәртип-қағыйдаларына әмел етиў ҳаққындағы ҳүкиметлик қарар ямаса министрликтиң буйрығы нормативлик-ҳуқықый ҳүжжет есапланады. Мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымлары оқыўшылар ямаса олардың ата-аналары қайсы социаллық топарға, қайсы миллетке тийисли екенлигине және диний исенимине қарамастан бул қарар ҳәм буйрыққа қатаң түрде әмел етилиўин тәмийинлейди. Нызам ямаса нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлерде белгиленген нормаларды орынлаў болса бул ҳәмме ушын мәжбүрий есапланады.

Ал, не ушын кейинги ўақытларда Өзбекстанда мәмлекет ҳәм дин арасындағы қатнасықларды анық белгилеў мәселелерине айрықша итибар берилмекте? Бәлким айырым пуқаралар буның себеби дин тараўы мәмлекетлик ҳәкимиятқа салыстырғанда жоқарылап баратырғанлығының нәтийжеси, деп айтыўы да мүмкин.

Тән алып айтыў керек, ҳақыйқатында да кейинги жылларда жәмийеттеги айырым топарлар, ҳәттеки айырым дин ўәкиллери сиясат пенен дин ажыралмайды, жәмийетлик турмыстың барлық тараўы ислам дининиң қағыйдалары тийкарында басқарылыўы керек, деген демократиялық принциплерге қайшы келетуғын даўаларды күн тәртибине киргизиўге ҳәрекет етеди. Айырым күшлер тәрепинен мәмлекет тәрепинен басқарылыўы керек болған тараўларға диний нормаларды киргизиў талаплары да қойыла баслады. Жәмийетте диний нормалардиң шеңберин тийкарсыз кеңейтиўге, ҳәттеки, динди сиясатластырыўға болған ҳәрекетлер көзге тасланды.

Бундай даўалар мәмлекетте жүз берип атырған жәмийетлик-сиясий процесслерге диний түс бериў, жасалма идеяларды хақыйқый диний қәдириятлар сыпатында түсиндириў ҳәм ақыбетте диний-социаллық турақлылықты изден шығарыўға ҳәрекет етиў болып есапланады.

Бундай процесслер дүньяның бир қатар мәмлекетлеринде жүз бермекте. Ҳәттеки ислам мәмлекетлериниң басшылары да саламат сиясий күшлер және диний радикализм ҳәм экстремизм арасында идеялық қатаң гүреслердиң ҳәўиж алып атырғанын тән алмақта. Басқа тәрептен, халықаралық көлемде диннен сиясий мақсетлерде пайдаланыў арқалы сиясий, мәдений ҳәм гуманитарлық тәсир аймақларын кеңейтиўге урыныўларкөзге тасланбақта. Айырым топарлар тек ғана Өзбекстанда емес, ал басқа да бир қатар мәмлекетлерде де жәмийетти нызамлар емес, ал шәрият нормалары басқарыўы керек, деген сүренлерди алға қоймақта. Бирақ бундай жол Өзбекстан ушын оптимал емес екенлигин түсиндириўдиң қәжети болмаса керек.

Дүньялық мәмлекетлик дүзимнен ислам мәмлекети дүзимине қәдем қойған айырым мәмлекетлердиң тарийхына нәзер таслайық. Исламды сиясатластырыў диний тийкарда сиясий партиялар ҳәм топарлардың пайда болыўына алып келди. Исламда қарама-қарсы ағымлар ҳәм көзқараслардың бар екенлигиниң себебинен бул партиялар және топарлар арасында бәсеки ҳәм гүрес күшейди. Нәтийжеде булардың барлығы мәмлекеттиң миллий қәўипсизлигине кери тәсир көрсетти.

Соның ушын да диний нормалар ҳәм догмаларды қолланыўды тийкарсыз кеңейтиўге жол қойып болмайды. Ғәрезсизликтиң дәслепки дәўирлеринде Өзбекстан да басқа қоңсы мәмлекетлер сыяқлы диншиллердиң жумысына араласпаў және басшылық етпеўден келип шығып ис көрди ҳәм барлық диний ағымларға еркинлик берди. Соның нәтийжесинде муқаддес ислам дини нықабы астында жат идея және түрли бузғыншы ағымлар кирип келе баслады. Бул процесс, өз гезегинде, сырт еллерде жумыс алып барып атырған белиги бир топарлар тәрепинен қоллап-қуўатланды. Ҳәзирги ўақытта да бул топарлар тәрепинен тийисли террористлик ҳәрекетлери алып барылмақта. Олар өз мақсетлерине жергиликли пуқаралардың арасынан өз тәрепдарларын сатып алмақта ҳәм буның ушын қаржыларды аямай жумсап атыр.

Өзбекстанда пикирлердиң көр түрлилиги бар болып, ҳеш кимниң белгили бир көз қарасларға ийе болыўына ямаса қайсы бир динге исениўине қарсылық көрсетилмейди. Бузғыншы идеологиялар, соның ишинде, бузғыншы идеяларға қарсы тек ғана қадаған етиўши илажлар менен гүресип болмайтуғынын болса тарийх көрсетти. Яғный адамларға ойлаўды, анаў ямаса мынаў бир динге исениўди қадаған етип болмайды. Соның ушын да жаңаланып атырған Өзбекстан қадаған етиў сиясатын мақулламайды.

Бирақ мәмлекет белгили бир идеология ямаса идеяны бузғыншы деп атаўы мүмкин. Буған оның ҳуқықы бар. Бүгин айырым диний ағымлардың идеяларын әпиўайы пуқаралар да бузғыншы деп есапламақта ҳәм оларды қадаған етиў керек екенлигин мәмлекеттен талап етпекте. Бирақ мәмлекет оларды қадаған етиў жолынан жүрип атырған жоқ. Өйткени бул идеологиялар ҳәм идеялар өз алдына жумыс алып баратуғын шөлкем емес, ал дурыс емес болса да, көзқараслар, пикирлер, исенимлердиң системасы болып есапланады. Бул мәмлекет бузғыншы идеология ҳәм идеялар менен гүреспейди, дегени емес. Мәмлекет бул идеология ҳәм идеялар тарқалыўының алдын алыў ҳуқықын өзинде сақлап қалады, әлбетте.

Бул не дегени? Ҳәр кимниң исеними оның жеке жумысы, бирақ кимде ким зыянлы идеология ҳәм идеяларды үгит-нәсиятласа, басқаларды оған мәжбүрлесе,  бундай жағдайда мәмлекет тийисли шараларды қолланыў ҳуқықына ийе.

Соның ушын да Өзбекстан ҳүкимети бузғыншы идеология ҳәм идеялар менен гүресиўде тек ғана мәлимлеме, түсиндириў және профилактика жумысларына итибар қаратпақта ҳәм буны ҳәмме бирдей тән алмақта.

Экстремистлик ҳәм террористлик шөлкемлердиң бузғыншы идеяларына қарсы гүресиў, мәмлекетте бул бағдарда әмелге асырылып атырған жумысларды түсиндириў бойынша барлық ўәлаятларда экспертлер, динтаныўшылар ҳәм имам-хатиплерден ибарат үгит-нәсиятлаў топарлары жумыс алып бармақта. Мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымлары тәрепинен түрли ағымлардың жат иедяларының тәсирине түскен шахслардың социалласыўына жәрдемлесиўге қаратылған системалы жумыслар әмелге асырылмақта. Әлбетте, бул жумыслардың сапасын буннан былай да раўажландырыў керек.

Бүгин мәмлекетимизде диний тараўда жетерли дәрежеде билимге ийе тәжирийбели динтаныўшылар ҳәм экспертлер бар. Бирақ соған қарамай, диний тараў ўәкиллериниң диний және дүньялық билимлерин және де арттырыўы, Өзбекстанның ишки ҳәм сыртқы сиясаты және басқа тараўларда исеним менен бәсекиге кирисе алыўы ушын оларға жәрдем көрсетилмекте.

Дин ислери бойынша комитет Өзбекстан мусылманлары мәкемеси менен биргеликте имам-хатиплер ушын түрли бағдарларда оқыўлар шөлкемлестирмекте.

Усы жерде Өзбекстан Республикасы Президенти басламасы менен пуқаралардың ҳүждан ҳәм диний еркинлиги ҳуқықын тәмийинлеў, миллий және диний қәдириятларды қәстерлеп сақлаў, бай илимий-тарийхий мийрасты үйрениў ҳәм үгит-нәсиятлаў, диний-ағартыўшылық тараўындағы жумыслардың нәтийжелилигин арттырыў және жоқары маманлықтағы кадрларды таярлаўдың үзликсиз ҳәм бир пүтин системасының да жаратылғанын атап өтиў керек.

Атап айтқанда, Ташкентте Өзбекстандағы Ислам цивилизациясы орайы, Өзбекстан халықаралық ислам академиясы, Бухарада Мир Араб жоқары медресеси, Термизде Имам Термизий халықаралық илимий-изертлеў орайы, Самарқандта Имам Бухарий халықаралық илимий-изертлеў орайы, Ҳәдис илими мектеби және Кәлам ҳәм Ҳәдис, Бухарада Тәсәўуп, Қашқадәрьяда Ақыйда, Ферғанада Фикҳ илимий мектеплери шөлкемлестирилди.

Буннан тысқары биринши мәрте вертикаль диний билимлендириў сисстемасы жаратылып, ислам илимлери бойынша философия докторы және илим докторы илимий дәрежелерин бериўди нәзерде тутатуғын таяныш докторантура ҳәм докторантура бағдарлары енгизилди.

Өзбекстан мусылманлары мәкемеси жанында «Вақф» қайырқомлық жәмийетлик қорының шөлкемлестирилгенин де айрықша атап өтиў керек. Қордың тийкарғы ўазыйпасы етип мешит ҳәм диний билимлендириў мәкемелериниң имаратларын қурыў, оңлаў, тарийхый-архитектуралық әҳмийетке ийе зыярат орынларын сақлаў, абаданластырыў, диний тараў хызметкерлерин материаллық ҳәм социаллық жақтан қоллап-қуўатлаў белгилеп қойылды.

Пуқаралардың ҳүждан еркинлиги ҳәм диний исенимине болған ҳуқықларын тәмийинлеў мақсетинде муқаддес зыяратларды әмелге асырыўға байланыслы бир қатар имканиятлар жаратылды.

Бизге белгили, алдынлары Умра зыяратына белгиленген квота тийкарында бир мәўсимде тек ғана 10 мың пуқара баратуғын еди. 2018-жыл октябрьден баслап бул квота механизми алып тасланды. Нәтийжеде быйылғы жылда ғана 30 мыңнан аслам пуқара Умра әмеллерин өтеп қайтты.

Муқаддес Ҳажға баратуғын зияратшылардың саны 5,2 мыңнан  7,2 мыңға көбейтилди, сапар қәрежетлери арзанлатылды.

Буннан тысқары мәмлекетте түрли диний шөлкемлердиң өз жумысын әмелге асырыў ҳәм мәмлекет турмысында белсене қатнасыўы ушын барлық шараятлар жаратылып берилмекте. Атап айтқанда, 2019-жылдың өткен дәўиринде республикамызда 6 жаңа христиан ширкеўи дизимге алынды ҳәм исламий емес конфессияларға байланыслы диний шөлкемлердиң саны 182 ге жетти.

Соның менен бирге, православлар ушын Израил, Греция ҳәм Россия, католиклер ушын Израил ҳәм Италия, армиянлар ушын Израил ҳәм Армения, еврейлер ҳәм баховийлар ушын Израил, кришнашылер ушын Ҳиндстан ҳәм буддистлер ушын Корея Республикасында жайласқан муқаддес орынларға зыяратлар шөлкемлестирилмекте.

Өз-өзинен көринип тур, мәмлекет жәмийет ағзаларының ҳүждан еркинлиги ҳуқықларын тәмийинлеўде оғада үлкен жумысларға басшылық етпекте.

Өзбекстан Республикасы Президенти тәрепинен 2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын буннан былай да раўажландырыў бойынша Ҳәрекетлер стратегиясында «Диний тараўдағы Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик сиясаты концепциясын» ислеп шығыў ҳәм қабыл етиў белгиленген еди. Бүгин жәмийет шынында да әне сондай концепцияға мүтәжлик сезбекте. Бул ҳүжжетте диний шөлкемлер менен байланыслар, жәмийетте динниң роли сықлы мәселелерде мәмлекеттиң анық ҳәм системалы көзқараслары және бағдарлары сәўлелениўи керек. Улыўма, Концепция диний тараўдағы мәмлекетлик сиясатты ашық-айдын сәўлелендиретуғын және стратегиялық ўазыйпаларды қамтып алатуғын ҳүжжет болыўы керек.

Концепцияны ислеп шығыў ҳәм қабыл етиўде, биринши гезекте, мәмлекеттиң мәплеринен келип шығыў, соның менен бирге, жәмийеттиң барлық қатламы ҳәм топарларының мәплерин есапқа алыўы керек.

Азизбек Мақсудов

сиясаттаныўшы

дәрек: xs.uz

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги