Пайтахтымыздағы саўлатлы Халықаралық Конгресс орайында 21-октябрь күни өзбек тилине мәмлекетлик тил бийлиги берилгениниң отыз жыллығына бағышланған салтанатлы байрам илажы болып өтти.
Онда сенаторлар, депутатлар, ҳүкимет ағзалары, мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик ғайраткерлер, дипломатиялық корпус ўәкиллери, дөретиўши зыялылар, филолог илимпазлар, жаслар қатнасты.
Мәресимде Өзбекстан Республикасының Президенти Шавкат Мирзиёев жыйналғанларды, пүткил халқымызды усы тарийхый сәне менен қутлықлап, өзбек тилиниң раўажланыўы ҳәм келешеги ҳаққында шығып сөйледи.
Тил миллеттиң бар екенлигин тастыйықлаўшы ҳүжжет, миллет болса, оның паспорты болып есапланады. Тилдиң пүткил қүдирети, өзгешелиги, бәринен бурын, усы тилдиң узақ ўақыт жасаўында, онда жаратылған көркем әдебиятта көрсетиледи. Сол себепли өзлигин таныған ҳәр бир миллет ана тили ҳәм әдебиятын қәстерлеп-сақлайды, оның раўажланыў жолында бар күш-ғайратын сарплайды.
Тоталитарлық дүзим дәўиринде миллий тиллерди, соның ишинде, өзбек тилин жоғалтыўға көп урыныслар болды. Ана тили миллетимиздиң зыялылары сыяқлы сүргин етилди, мәмлекетлик уйымлар түўе жай орталықта да сөйлесиў қуралы сыпатында орнын жоғалтқандай дәрежеге келип қалды.
Мине усындай бир ўақытта, миллий ғәрезсизлик алдынан халқымыз өз ана тилин – миллий идеясын сақлап қалды. Миллетсүйгиш зыялылар, тилимиз пидайыларының жанкүйерлиги нәтийжесинде 1989-жыл 21-октябрь күни қабыл етилген нызамға тийкарланып, өзбек тил мәмлекетимизде мәмлекетлик статусының берилиўи Ўатанымыз ғәрезсизлигине қарай қойылған дәслепки нық қәдем еди.
Ҳәр бир халықтың ана тили оның миллий руўхы ҳәм өзлигиниң, миллий идеясының тийкарын қурайды. Тил ҳәм халық түсиниклери барлық заманларда өз-ара үнлес ҳалда бир-бири менен байланысқан. Тилсиз халық ҳәм халықсыз тил болмайды.
Ғәрезсизлик жылларында ана тилимиздиң статусын тиклеў, өзбек тилин кеңнен қолланыўға киргизиў руўхый тараўдағы реформалардың тийкарына айланды. Өзбекстан Республикасының Конституциясы, нызамлар ҳәм қарарлар өзбек тилинде жазылды, билим бериў орынларында өзбек тилин оқытыў, ана тилди қурал сыпатында жас әўладтың санасына миллий мақтаныш сезимлерин сиңдириўге айрықша итибар қаратылды. Өзбек тилиниң халқымыз, жәмийетимиздиң раўажланыўындағы әҳмийетли ролине байланыслы көплеген изертлеўлер алып барылды, бир қанша терминологиялық, аўдарма, этимологиялық, түсиндирме сөзликлер, энциклопедиялар дүнья жүзин көрди.
Соңғы жылларда Ҳәрекетлер стратегиясына муўапық, руўхый-ағартыўшылық тараўда әмелге асырылып атырған избе-из өзгерислерде тилимиздиң раўажланыўына қаратылған ис-ҳәрекетлер айрықша орын ийелейди. Өзбекстан раўажланыўының бүгинги жаңа басқышы – миллий раўажланыў дәўир талапларынан келип шығып, ана тилимиздиң жәмийеттеги орны ҳәм абырайын арттырыў бойынша кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта. Атап айтқанда, Әлийшер Наўайы атындағы Ташкент мәмлекетлик өзбек тили ҳәм әдебияты университетиниң дүзилгени ана тилимиздиң тарийхый тамырларын терең үйрениў, оны илимий тийкарда ҳәр тәреплеме раўажландырыў ҳәм қолланыў шеңберин кеңейтиў, филолог кадрлар таярлаў бағдарындағы жумысларды жаңа басқышқа көтерди.
Бүгинги күнде мәмлекетимизде қәлиплескен әдил ҳәм қалыс тил сиясатының нәтийжесинде өзбек тили абырайлы минберлерден жаңламақта, сырт мәмлекетлерде өзбек тилин үйрениўге қызығыўшылық барған сайын күшеймекте. Өзбекстанның жақында Түркий тиллес мәмлекетлер бирге ислесиў кеңесине ағза болып қосылғаны ҳәм Әзербайжанның Баку қаласында болып өткен шөлкемниң гезектеги саммитинде тең ҳуқықлы ағза сыпатында қатнасқаны өзбек тилиниң абырайын арттырыў жолындағы әҳмийетли қәдемлерден болды.
Президентимиздиң быйыл 4-октябрьдеги «Өзбекстан Республикасының «Мәмлекетлик тил ҳаққында»ғы нызамы қабыл етилгениниң отыз жыллығын кеңнен белгилеў ҳаққында»ғы қарары дүньядағы ески ҳәм бай тиллерден бири болған өзбек тилин улығлаў, оның мәмлекетимиздиң жәмийетлик-сиясий, руўхый-ағартыўшылық раўажланыўындағы абырайын арттырыўда айрықша әҳмийетке ийе.
Усы қарарға муўапық, орынларда өзбек тили байрамлары, сейиллер, жазыўшылар менен ушырасыўлар, дөгерек сәўбетлери, мектеплерде шығармалар таңлаўлары өткерилди, театр ҳәм кинотеатрларда, мәденият сарайларында уллы ойшылларымыз ҳаққында спектакльлер, фильмлер көрсетилди.
– Буннан отыз жыл алдын қабыл етилген «Мәмлекетлик тил ҳаққында»ғы нызам қаншелли тарийхый ҳүжжет болса, Президентимиздиң усы сәнени белгилеў ҳаққындағы қарары да мине усындай үлкен әҳмийетке ийе, – деди ӨзРИА Өзбек тили, әдебияты, фольклоры институтиниң директоры Низомиддин Маҳмудов. – Өзбек тили өтыз жыл даўамында оғада үлкен раўажланыў жолын басып өтти. Өзбек тилиниң жаңа бес томлық түсиндирме сөзлиги, өзбек энциклопедиялық сөзлиги басып шығарылды. Бул салтанатлы илаждың Өзбекстанға көрк бағышлап турған жаңа сарайда өткерилип атырғаны да өзине тән рәмзий мәниске ийе. Бул имаратлар ғәрезсиз елимиздиң миллий тиклениўден – миллий раўажланыўға умтылып атырғанының дәреги болып, тил байрамының бул жерде белгилениўи ана тилимизге болған жоқары ҳүрметтиң айқын көриниси болып есапланады.
Усы тарийхый сәнеден отыз жыл өтип бул бағдарда және бир қутлы қәдем тасланды. 2019-жыл 21-октябрь күни Президентимиздиң «Өзбек тилиниң мәмлекетлик тил сыпатындағы абырайы ҳәм ролин түп-тийкарынан арттырыў илажлары ҳаққында»ғы пәрманы қабыл етилди. Пәрманға бола 21-октябрь сәнеси елимизде «Өзбек тил байрамы күни» деп белгиленди.
Салтанатлы мәресимде жәрияланған усы хош хабарды пүткил халқымыз қуўаныш пенен күтип алды.
Президент ана тилимиздиң мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик турмысындағы тәсири ҳәм абырайын және де арттырыў, «Мәмлекетлик тил ҳаққында»ғы нызамын бүгинги күн талапларынан келип шығып жетилистириў зәрүр екенлигин атап өтти. Бул бағдардағы әҳмийетли ўазыйпаларға айрықша итибар қаратты.
Байрам илажының соңыңда көркем өнер шеберлириниң қатнасыўында Ўатан, халық ҳәм ана тилимизди жырлайтуғын концерт бағдарламасы қойып берилди.
Матназар ЭЛМУРОДОВ
ӨзАның хабаршысы