Дийқанларымыздың сонша маңлай тери менен жетистирилген пахта жыйын-теримине Нөкис қаласының турғынлары да өзлериниң басламалары менен қатнаспақта.

Фермер хожалықлары тәрепинен оларға атыз басларында барлық шараятлар жаратылған. Жыйын-теримге қатнаўы ушын транспортлар ажыратылған болып, атыз басында ыссы аўқат шөлкемлестирилген. Ҳәр күнги терген пахтасы ушын ис ҳақыларына сол күнниң өзинде берилип атыр.

Нөкис қаласы ҳәкимлиги қәнигелериниң бизге берген мағлыўматына қарағанда, ўақтынша жумыссыз пуқаралар пахта жыйын-теримге қатнасып, дәраматқа ийе болмақта. Қаламыздағы 58 мәкан пуқаралар жыйынынан ҳәр күни 4 мыңнан зыят адам жыйын-терим жумысларына белсене қатнаспақта. Олардың арасында «Байтерек», «Таслақ», «Туран», «Жипек жолы», «Шайырлар аўылы» ҳәм басқа да мәкан пуқаралар жыйынларының турғынлары белсендилик көрсетип, Нөкис, Кегейли, Тақыятас, Хожели, Шоманай, Қанлыкөл районлары фермерлериниң жақын қол-қанаты болмақта.

-Ҳәр күни жүзден зыят пуқарамыз өзлериниң қәлеўи менен пахта жыйын-терим жумысларына қатнаспақта,-дейди «Байтерек» мәкан пуқаралар жыйынының баслығы  Сырғагүл Есбосынова.-Олардан Мийўагүл Аңназарова, Базаргүл Ҳәкимниязова, Муратбай Есназаров сыяқлы аймағымыз турғынлары бүгинги күнге 2,5-3 миллион әтирапында пул ислеп тапты. Буннан тысқары, район ҳәкимликлери, сондай-ақ қәўендерлер есабынан ақшалай ҳәм затлай хошаметленип бармақта.

Биз Нөкиc районы «Шортанбай» аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы «Толыбай баслық» фермер хожалығы атызында жыйын-терим жумысларына қатнасып атырған көмекшилерге ҳармасын айттық. «Дәўлетлиниң қос қонағы бир келеди»,-дегениндей, усы күни районның 4 сектор басшылары, жәмийетлик шөлкемлердиң ўәкиллери келип, алдыңғы теримшилерге саўғалар тапсырды. Бул олардың кеўиллерин көтерип, еле де жигерли мийнетке рухландырды. Биз олардың айырымларын сәўбетке атрттық.

-Ықтыярлы түрде жыйын-теримге барған заманласларымыз кем болып атырған жоқ,-дейди «Байтерек» мәкан пуқаралар жыйынының турғыны Молдабай Мырзақулов.-Ҳақыйқатында да пахта терими бүгинги күни дәрамат дәрегине айланған. Өзим ҳәр күни 60-70 килограмм әтирапында пахта терип, ҳәптесине 1 миллионға жақын пул ислеп таўып атырман. Егер бир шаңарақтан үш-төрт адам жыйын-теримге шықса,  айына 4,5-5 миллион сум әтирапында пул табыўға болады. Сонлықтанда үйде ўақтымызды бийкарға өткерместен пахта теримине қатнассақ, бириншиден денсаўлығымызға пайда, екиншиден шаңарағымызға аз да болса дәрамат болады.

Республикамыз районларында тийкарғы байлығымыз болған пахтаны жаўын-шашынлы күнлерге қалдырмастан жыйып-терип алыўдың барлық илажлары көрилмекте. Бунда фермерлерге қалалылар да өзлериниң қол-көмегин тийгизбекте.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги