Әмиўдәрьялылар аўыл хожалығы тараўында да ҳәр жылы жоқары нәтийжелерге ерисип келмекте. Мәмлекетке пилле ҳәм ғәлле тапсырыў режелерин артығы менен орынлаған фермерлер бүгинги күнге келип және бир белестен асыў алдында тур. Район пахтакешлериниң жыл даўамында ислеген пидайы мийнетлериниң нәтийжесинде пахтадан мол өним жетистирилди. Жыйын-терим жумысларының аўызбиршилик пенен шөлкемлестирилгенлиги нәтийжесинде район фермерлери  «ақ алтын» қырманына өзлериниң мүнәсип үлесин қосып, усы күнге шекем режедеги 32 мың 250 тонна пахтаның 28 мың тоннадан асламын жыйнап терип алып, мийнет жеңисине ерисиўине санаўлы күнлер қалды.

Бүгин районның қайсы аймағына барсаңыз да қызғын мийнеттиң гүўасы боласыз. Район бойынша фермер хожалықлардың 7 мың 700 ге шамалас жумысты бөлип алып ислеўшилери ҳәм 13 мың 900 ге шамалас интакер, ықтырлы теримшилердиң күш жигери себепли бәлент пахта қырманлары бой тиклемекте. Мине усындай ҳадал ҳәм мийнеткеш фермерлерди, алдыңғы теримшилерди хошаметлеў мақсетинде дерлик ҳәр күни мәдений илажлар, ушырасыўлар шөлкемлестирилмекте.  Жақында әне сондай илаж өткерилип, оған районның Толқын, Күйик көпир аўыллары ҳәм Намуна мәҳәллесинде жумыс алып барып атырған фермерлер, алдыңғы теримшилер мирәт етилди. Илажда район ҳәкими Султанбай Йўлдошев қатнасып, пахта жыйын-териминде қатнасып атырған жумысты бөлип алып ислеўши ҳәм көмекшилерге район ҳәкимлиги тәрепинен миннетдаршылық билдирди. Белсене теримшилер турмыслық буйымлар менен сыйлықланды. Аймақтағы фермер хожалықлары арасында ең жоқары өнимге ерискен Күйик көпир аўылындағы «Сардор сувчи» фермер хожалығының баслығы Орынбай Матякубовқа болса район ҳәкими Cobalt автомобилин саўға етти. Ҳақыйқатында да, ҳадал мийнеттиң қәдирлениўи ҳәм хошаметлениўи дийқанды және де нәтийжели ислеўге талпындырады.

Терим пулларының өз ўақтында, атыздың басында тарқатылып атырғаны болса материаллық мәпдарлығын арттырмақта. Быйыл районда пахтаны биринши мәрте кластер усылында жетистириў әмелияты жолға қойылғанын да айтып өтиў керек. Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2018-жыл 25-январьдағы «Пахта тоқымашылық өндирисин шөлкемлестириўдиң заманагөй түрлерин енгизиў илажлары ҳаққында»ғы қарары тийкарында жуўапкершилиги шекленген жәмйет түриндеги «Amudaryotex» сырт ел кәрханасы 2018-жылдың сентябрь айынан баслап кластер усылында пахта жетистириўди жолға қойды.

Кластерге Әмиўдәрья районындағы 9 альтернатив машина-трактор парклери хызмет көрсететуғын 185 фермер хожалығы бириктирилген. Бул фермер хожалықлардың 7 мың 146 гектар жерине егилген пахтадан 17 мың 472 тонна зүрәәт алыў режелестирилген.

Буның ушын жыл басынан фермер хожалықларына барлық ресурслар, соның ишинде, туқымлық шигит, жанылғы майлаў материаллары, минерал төгинлер, өсимлик зыянкеслерине қарсы гүресиў қураллары және барлық хызметлер ушын төлемлер кәрхана тәрепинен әмелге асырылды. Нәтийжеде кластерге қараслы фермер хожалықларында мол өним жетистирилди. Ҳәзирги күнге шекем 9 миллиард сумнан аслам нақ пул қаржыларының терим пулы сыпатында тарқатылғаны және алдыңғы теримшилердиң турақлы хошаметленип атырғаны жетистирилген өнимди қысқа мүддетлерде жыйнап алып, жоқары сортларға тапсырыў арқалы кластер қурамындағы фермер хожалықларының ҳәм әлбетте, кәрхана дәраматларының артыўына тийкар жаратады.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги