Атап өтилиўинше, Тәжикистан тәрепи биринши болып дәслеп Максат қырғыз шегара постына ҳәм Боткент ўәлаяты Лайлак районындағы Сай постына қарап оқ атып, атысыўды баслаған, деп жазады gazeta.uz сайты.
Ҳәзирги ўақытта атысыў тоқтатылған.
Қырғызстан ҳүкиметиндеги дәрекке қарағанда, Тәжикстан шегарашылары қырғыз заставасы (сақшылар отряды)на қарата миномёттан да оқ атқан.
Қырғызстан-Тәжикстан шегарасында жүз берген атысыў ақыбетинде бир қырғыз шегарашысы қайтыс болған. Бул ҳаққында ТАСС хабар берди.
Мағлыўмат ушын айтып өтиў керек, 14-сентябрь күни Лайлак районындағы қырғыз-тәжик шегарасының көрсетилмеген участкасында Тәжикстан пуқаралары рухсатсыз қурылыс жумысларын баслаған. Қырғыз тәрепи болса буны тоқтатыўды талап еткен. Соннан кейин келиспеўшилик келип шыққан.
Қырғызстан ҳүкимети рәсмий сайтының хабарына қарағанда, мәмлекеттиң бас министри Мухаммедкалий Абилгазиев келиспеўшилик келип шыққан аймаққа барып, оператив мәжилис өткерген. Оның нәтийжелери ҳәзирше мәлим етилмеген. Өз гезегинде жергиликли турғынлар менен ушырасып, жәбирленгенлердиң ҳалынан хабар алыў мақсетинде емлеўханаға да барған.
Қарақалпақстан хабар агентлиги