Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Баслығы Танзила Норбоева 31-август күни Корея Республикасы Миллий Ассамблеясы ҒМДА мәмлекетлериниң парламентлери менен бирге ислесиў бойынша парламентлераралық дипломатиялық форумның баслығы Чу Ми Э ханым басшылығындағы делегация менен ушырасты.
Ушырасыўда еки мәмлекет басшыларының турақлылыққа ийе болған сөйлесиўлери ҳәм ушырасыўлары Өзбекстан – Корея қатнасықларын стратегиялық шериклик дәрежесине көтериў имканиятын бергени атап өтилди. Өз-ара исеним ҳәм дослық руўхындағы бирге ислесиў сиясий, экономикалық, мәдений-гуманитарлық тараўларда шерикликти беккемлеў, парламентлераралық байланысты буннан былай да жеделлестириўге хызмет етпекте.
Сөйлесиўде мәмлекетимиз парламенти делегациясының Кореяға сапарының нәтийжелери унамлы баҳаланды. Корея парламенти ағзаларының Өзбекстанға гезектеги сапары нызам дөретиўшилиги бойынша бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыўға хызмет ететуғыны атап өтилди.
Еки мәмлекеттиң парламентлери арасындағы байланыслар Корея Республикасы Миллий Ассамблеясында «Корея – Өзбекстан» парламентлик дослық ассоциациясы шөлкемлестирилген 1995-жылдан берли раўажланып келмекте. Олий Мажлис Нызамшылық палатасында 2005-жылда Корея Республикасының Миллий Ассамблеясы менен бирге ислесиў бойынша парламентлераралық топар жумысының жолға қойылғаны мәмлекетлеримиз арасындағы бирге ислесиўдиң ҳуқықый тийкарларын беккемлеўде айрықша әҳмийетке ийе болмақта.
Ушырасыўда еки мәмлекеттиң парламентлераралық байланысларын буннан былай да беккемлеўдиң әҳмийетли мәселелери бойынша пикир алысылды.
Ғайрат ХОННАЗАРОВ,
ӨзАның хабаршысы