Қаршы қаласында Өзбекстан Ресепубликасының Биринши Президенти Ислам Кәримовтың естелиги алдында мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик шөлкемлер, ҳуқық қорғаў уйымларының хызметкерлери, илим, мәденият, әдебият, көркем өнер ғайраткерлери ҳәм жаслар жыйналды.
Ўәлаят ҳәкими Зафар Рўзиевтың басшылығындағы жәмийетшилик ўәкиллери Ислам Кәримовтың естелигине гүллер қойды, оған ҳүрмет билдирди.
– Өзбекстан Республикасының Биринши Президенти, халқымыздың атақлы перзенти Ислам Кәримовтың мийнет жолында Қашқадәрьяға басшылық еткен дәўири айрықша орын ийелейди, дейди ўәлаятлық кәсиплик аўқамлары шөлкемлери бирлеспесиниң баслығы Эсон Ражабов. – Ўәлаятты кризистен шығарып, раўажланыўға қарай баслаған Ислам Абдуғаниевич Кәримов бул жерге айрықша перзентлик меҳри менен қарайтуғын еди. Қашқадәрьяның халқы ўәлаят ғәрезсизлик жылларында экономикасы турақлы, санааты раўажланған аймаққа айланып, халықтың турмыс дәрежеси үзликсиз өсип баратырғанын, дөретиўшилик, халқымыздың абаданлығын беккемлеў менен байланыслы барлық ийгиликли ислер Ислам Кәримовтың аты менен байланыслы екенлигин терең сезинеди.
Мәртлик, уллы пазыйлетлери менен ел-журтқа меҳир ҳәм садықлықтың тымсалы болып қалған Ислам Кәримовтың жарқын естелиги жүреклеримизде мәңги жасайды.
Ўлмас БАРАТОВ,
ӨзАның хабаршысы