Түркияда IX Халықаралық билимлер олимпиадасы болып өтти. Анталия туристлик академиясы ҳәм Россияның EDUANT халықаралық мектеби тәрепинен шөлкемлестирилген олимпиадада елимиздиң мектеп оқыўшылары да табыслы қатнасты.
Ташкент қаласындағы «Intellect» бақша-мектеп мәмлекетлик емес билимлендириў мәкемесиниң 25 оқыўшыдан ибарат жәмәәти 6 алтын, 20 гүмис ҳәм 23 бронза – жәми 49 медальды қолға киргизди. Олар улыўма топарлық есапта биринши орынды ийеледи және математика, рус ҳәм инглис тиллери, сүўретлеў көркем өнери бойынша төрт кубокқа ийе болды.
Елимиздиң билимлендириў системасында Президентимиз Шавкат Мирзиёевтың басшылығында әмелге асырылып атырған избе-из реформалар жас әўладқа дүнья талапларына муўапық билим бериўге бағдарланған. Бүгинги күнде билимлендириўдиң барлық буўынларында оқытыў стандартларын жетилистириў ҳәм усы тийкарда заманагөй оқыў бағдарламаларды, режелерди, сабақлықлар менен қолланбаларды жаратыўға айрықша итибар қаратылмақта. Бул өз нәтийжесин бермекте. «Intellect» бақша-мектебиниң табыслы жумысы буған айқын мысал болып табылады.
2008-жылы шөлкемлестирилген усы мәмлекетлик емес билмлендириў мәкемеси өзиниң жоқары маманлықтағы педагогикалық жәмәәти менен басқа мектеплерден ажыралып турады. Олар оқыўшыларға билим бериў менен бирге, ҳәр бир баланың талантын жүзеге шығарыў ушын қолайлы орталық жаратады. Бул жерде балалардың әдеп-икрамлылық ҳәм эстетикалық раўажланыўына айрықша итибар қаратылады.
Мектеп оқыўшылары дәстүрий оқытыў усылларына садық қалған ҳалда, инновациялық қурылмаларды белсене қолланып келмекте. Оқыўшыларда еркинликти ҳәм инталылықты жетилистириўге айрықша әҳмийет қаратылады. Бул келешекте олардың әҳмийетли социаллық ҳәм профессионаллық ўазыйпаларды әмелге асырыўына тийкар болады. Балаларда алгоритмлерди ислеў, мәселе дүзиўде ҳәм оны шешиўде әмеллердиң избе-излигин белгилеў, басланған жумысты жуўмағына жеткериў, текстлерди саналы оқыў ҳәм олардың мәнисин түсиниў, бақлаў объектлерин сүўретлеў, оларды салыстырыў, тең нәтийжелер бойынша жеке пикир-усынысларды билдириў көнликпелери жетилистириледи.
Баслаўыш мектеп билимлендириў, тәрбия, раўажландырыў, турмысты аңлаў ҳәм ағартыўшылық сыяқлы дәстүрий билимлендириўдиң барлық қурамлық бөлимлерин өз ишине алады. Инглис тили пәни биринши класстан баслап ҳәптесине төрт мәрте, 2-кластта бес-алты мәртеге шекем оқытылады.
– Мектебимизде ҳәр бир балаға айрықша қатнас жасалады, – дейди «Intellect» мәмлекетлик емес билимлендириў мәкемеси директорының орынбасары Наталья Баннова. – Сонлықтан оқыўшыларымыздың өзлестириў дәрежеси жоқары. Елимизде балалардың пән олимпиадаларында ҳәм таңлаўларда өз талантын көрсетиўи ушын барлық шараят жаратылған. Оқыўшыларымыз бир неше жылдан берли ҳәм халықаралық көлемдеги олимпиадаларда сыйлы орынларды қолға киргизип келмекте. Биз оқыўшыларымыз бенен мақтанамыз!
Мектепте күн тәртибин нәтийжели шөлкемлестириў, ақылый ҳәм физикалық ўазыйпаларды дурыс бөлистириў, инсан саламатлығы ушын пайдалы технологияларды енгизиў, жәмәәтте унамлы психоэмоционаллық орталықты жаратыўға айрықша итибар қаратылады.
Баслаўыш класс оқыўшылары үй ўазыйпаларын мектепте күнниң екинши ярымында оқытыўшыларының бақлаўы астында орынлайды. Бул ата-аналарға перзентлери менен жақыннан пикирлесиўге ҳәм балалардың ойынлары ушын және де көбирек ўақыт ажыратыўға имканият жаратады. Бул болса баланың руўхыйлығына ҳәм шаңарақтың орталығына унамлы тәсир етеди.
IX Халықаралық билимлер олимпиадасында Әзербайжан, Қазақстан, Қырғызстан, Россия, Түркия, Өзбекистан, Украина еллеринен бес жүз мектеп оқыўшысы математика, география, физика, химия, биология, жәҳән тарийхы, қоршаған орталық, сүўретлеў көркем өнери, рус, инглис ҳәм түрк тиллери бойынша өз билимлерин көрсетти. Бул олимпиадада «Intellect» мектеби директорының орынбасары Н.Баннованың басшылығындағы оқыўшылар математика, рус ҳәм инглис тиллери, сүўретлеў көркем өнери пәнлери бойынша дәслепки мәрте қатнасты. Оқыўшылар, сондай-ақ, «Олимпиада маликасы», «Даңқ минуты», «Фотосүўретлер таңлаўы» сыяқлы дөретиўшилик ҳәм спорт жарысларында, мини-футбол ҳәм шахмат турнирлеринде де белсене қатнасты.
Нигина Иноятова (төрт медаль), Икром Юсупов (төрт медаль), Жамола Миркомилова (үш медаль) ҳәм Одил Мухиддинов (үш медаль) IX Халықаралық билимлер олимпиадасының ең билимли қатнасыўшылары деп тән алынды.
– Инглис тилине оғада қызығаман, – дейди мектептиң 4-класс оқыўшысы Нигина Иноятова. – Олимпиадада инглис тили бойынша биринши, математика, рус тили ҳәм сүўретлеў көркем өнери бойынша екинши орынды ийеледим. Досларым ерискен табыслардан да қуўанышлыман. Бизге устазларымыздың ҳәм ата-аналарымыздың көмеги үлкен мәдет болды.
Қатнасыўшылар олимпиаданың интеллектуаллық беллесиўлер ҳәптелигинде тек ғана үлкен тәжирийбе емес, ал унамлы тәсирлер алды, жаңа дослар арттырды. Өзбекистанның әне, усындай жаслары жаңа билим шеклерин бәнт етип, халықаралық көлемде елимиздиң абыройын қорғайтуғынына гүман жоқ.
Нодира МАНЗУРОВА,
ӨзА ның хабаршысы