Президентимиздиң 2019-жыл 1-февральдағы «Өзбекстан Республикасы ҳәм Германия Федеративлик Республикасы арасында ҳәр тәреплеме бирге ислесиўди буннан былай да кеңейтиў илажлары ҳаққында»ғы қарарына муўапық, Европа тиклениў ҳәм раўажланыў банкиниң кредит қаржылары есабынан, сондай-ақ, 2019-жыл 2-апрельдеги тийисли қарарына муўапық Бирлескен Араб Әмирликлериниң «Masdar» компаниясы қатнасыўында Өзбекстанда самал электр станцияларын қурыў бойынша инновациялық жойбарларды әмелге асырыў белгиленген еди. Ҳәзирги ўақытта бул бойынша жумыслар жаңа басқышқа көтерилди. Бул ҳаққында ӨзА хабар берди.

Дәслепки жойбарлар Нөкис қаласына жақын жайласқан Қаратаў аймағында 100 МВт қуўатлылыққа ҳәм Наўайы ўәлаятының Зарафшан қаласына жақын жерде 200 МВт қуўатлылыққа ийе самал электр станциясын қурыў ушын сәйкес орынды анықлаў менен басланған еди. Буның ушын дәслеп елимиздеги аймақларда турақлы самал бағдарларын анықлаў бойынша германиялы қәнигелер менен изертлеў жумыслары алып барылды ҳәм жойбардың техникалық талапларына сәйкес аймақлар анықланды.

Алдағы ўақытларда Қарақалпақстанның Қаратаў аймағында қурылыўы жобаластырылып атырған 100 МВт қуўатлылыққа ийе самал электр станциясын қурыў бойынша Европа тиклениў ҳәм раўажланыў банкиниң техникалық комиссиясының мәсләҳәтшилери өз жумысын жуўмақлағаннан соң, жойбар ушын тендер ҳүжжетлерин ислеп шығыў басқышы басланады. Бул жойбар мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында әмелге асырылып, мәмлекет тәрепинен жеке меншик шерикти сайлаў ушын тендер таңлаўлары өткерилиўи 2020-жылдың январь-февраль айларына жобаластырылған.

Бул жойбарды әмелиятқа енгизиў арқалы, яғный альтернатив энергия қуўатлылығы арқалы Қарақалпақстан Республикасының энергия системасында унамлы өзгерислер болыўы күтилмекте.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.