Усы жылдың 8-11-август күнлери Ташкент ўәлаятының Алмалық қаласында Өзбекстан Республикасы Президенти сыйлығы ушын белбеўли гүрес бойынша жәҳән чемпионаты болып өтти.
Чемпионатқа қатнасқан Нөкис районындағы 12-санлы улыўма билим бериў мектебиниң 10-класс оқыўшысы Умида Айтмуратова 70 килограмм салмақта 1-орын, Гүлимхан Орынбаева 44 килограмм салмақта 1-орынды ҳәм Улмекен Узақбергенова 57 килограмм салмақ бойынша 2-орынды ийеледи. Бул ҳаққында бизге район ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети хабар берди.
Жеңимпаз ҳәм сыйлы орын ийелери болған спортшыларымызға Президент саўғалары – 1-орын ушын сәйкес түрде 1500 АҚШ доллары, 2-орын ушын 1000 АҚШ доллары муғдарында сыйлық тапсырылды.
Жеңимпаз спортшыларымыз район ҳәкимлиги, кең жәмийетшилик ўәкиллери ҳәм ғалаба хабар қураллары хызметкерлери тәрепинен күтип алынды.
Ислам Матеков,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.