2019-жыл 6-август күни Олий Мажлис Нызамшылық палатасының гезектеги мәжилисинде депутатлар мәмлекеттиң жәмийетлик-сиясий, социаллық-экономикалық турмысының ҳәр қыйлы тараўларында әмелге асырылып атырған реформаларды ҳуқықый жақтан тәмийинлеўге қаратылған бир қатар нызам жойбарларын додалады.
Депутатлар жумысты «Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы нызам жойбарын екинши оқыўда көрип шығыўдан баслады. Елимизде киши бизнести раўажландырыў, исбилерменлер ушын қолайлы шараятлар жаратыў, инвестициялық тартымлылықты арттырыў бағдарында кең көлемли жумыслар әмелге асырылып атырғанын атап өтиў керек. Бул нызам жойбары да, мине, усы мақсетке қаратылған болып, сол арқалы Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Исбилерменлик субъектлериниң ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплерин қорғаў бойынша ўәкилдиң ўәкилликлери кеңейтилмекте. Елимизде исбилерменлик орталығын қәлиплестириў, исбилерменлердиң ҳәр қандай нызамлы басламаларын қоллап-қуўатлаў, олардың бузылған ҳуқықларын барлық басқышларда тиклей алыў имканиятын жаратыў мақсетинде ўәкилге қосымша ҳуқықлар берилмекте. Атап айтқанда, ўәкилдиң пуқаралық, экономикалық ҳәм ҳәкимшилик судларының нызамлы күшке кирген ҳүжжетлери үстинен кассация ҳәм қадағалаў тәртибинде шағым етиў ҳуқықы белгилеп берилмекте.
Депутатлардың пикиринше, усы нызамның қабыл етилиўи елимизде исбилерменлердиң ҳуқықлары менен мәплерин ҳәр тәреплеме исенимли қорғаўға қосымша кепиллик жаратады.
Буннан кейин, парламент ағзалары «Өзбекстан Республикасының Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы нызам жойбарын екинши оқыўда додалады. Атап өтилгениндей, бул жойбарды биринши оқыўда көрип шығыў даўамында пикир-таласларға себеп болған барлық статьяларды талап етилген дәрежеге жеткериў мақсетинде депутатлар жумысшы топар ҳәм экспертлердиң қатнасыўында додалап, толық-пуқта ҳалға келтирди. Силтеме нормалар шығарылып, олардың орнына тиккелей ислейтуғын статьялар киргизилди. Нызам жойбарында суд тәрепинен ҳәкимшилик жәриймаға тартыў жағдайларынан тысқары, жәриймаға тартыў ҳаққындағы қарары тапсырылған сәнеден баслап он бес күн ишинде жәрийма муғдарының жетпис процент ҳуқықбузар тәрепинен ықтыярлы түрде төленген жағдайда ол қалған сумманы төлеўден азат етилиўин нәзерде тутатуғын ҳәкимшилик жәриймаға тартыў ҳаққындағы қарарларды орынлаўдың әпиўайыластырылған тәртибин енгизиў нәзерде тутылды.
Депутатлардың атап өтиўинше, усынылып атырған өзгерислердиң әмелиятта қолланылыўы пуқараларды тайынланған жәриймаларды өз ўақтында төлеўге ийтермелейди, олар ушын қосымша қолайлықлар жаратады, сондай-ақ, қаржылар өз ўақтында Мәмлекетлик бюджетке келип түсиўин тәмийинлейди.
Мәжилисте «Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамына өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы нызам жойбары биринши оқыўда додаланды. Атап өтилгениндей, әмелдеги нызам ҳүкимет жумысына байланыслы қатнасықларды толық қамтып алмаған, Министрлер Кабинети ағзаларының өзлерине бириктирилген анық тараў ҳәм тармақлар ушын жуўапкершилиги және оларды баҳалаў өлшемлери тәртипке салынбаған. Усы нызам жойбарының қабыл етилиўи болса Министрлер Кабинетиниң жумысын тәртипке салатуғын нызам ҳүжжетлериндеги бар бослықларды сапластырады. Ҳүкиметтиң тармақ ҳәм тараўлардағы ўәкилликлери анық белгилеп берилген ҳалда, оның усы тараўларды раўажландырыў бойынша жуўапкершилиги күшейтиледи. Ҳәр қыйлы дәрежедеги нызам ҳүжжетлери тиккелей әмел ететуғын бирден-бир нызамда жәмлеседи.
Мәжилисте турақ жай мүлк ийелери ширкетлериниң ҳуқықый статусын белгилеў, көп квартиралы турақ жайлар мәселелериндеги мәмлекетлик басқарыў ҳәм қадағалаў уйымларының қатнасларын тәртипке салыў мақсетинде ислеп шығылған «Көп квартиралы турақ жайларды басқарыў ҳаққында»ғы нызам жойбарын екинши оқыўда додалаў да қызғын пикир-таласларға бай болды.
Усы нызам жойбарын талап етилген дәрежеге жеткериў процесинде депутатлар тәрепинен бир қатар нормалардың әмелиятта ислеўин үйрениў бойынша елимиздиң барлық аймақларында тараў ўәкиллери, ширкет басшылары ҳәм ағзалары, басқарыў компанияларының хызметкерлери менен ушырасыўлар өткерилди. Бар жағдайлар үйренилди, тийисли усыныслар алынды. Мине усы усыныслар тийкарында және де жетилистирилген нызам жойбары менен көп квартиралы турақ жайларды басқарыў усылларына анықлық киргизилди.
Депутатлардың пикиринше, нызам жойбарының қабыл етилиўи тараўда ушырасып атырған көплеген машқалаларды сапластырыўға, әмелиятта жүзеге келген және бир әҳмийетли мәселе – турақ жай емес мүлк ийелериниң ширкет ағзасы есапланбаўына шек қойылады, олардың ҳуқық ҳәм миннетлемелери кеңейтиледи
Мәжилисте, сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасының ўәкилликлерине тийисли басқа да мәселелер додаланып, тийисли қарарлар қабыл етилди.
Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси
Нызамшылық палатасының
Баспасөз хызмети
ӨзА