2019-жылдың январь-июнь айларында Қарақалпақстан Республикасында 3,9 мың өлимшилик жағдайы дизимге алынған болып, 1000 халыққа салыстырғанда сәйкес тәризде өлимшилик коэффициенти 4,2 промиллени қурады. Бул көрсеткиш өткен 2018-жылдың сәйкес дәўирине салыстырғанда 0,2 промиллеге азайғанын көрсетеди (2018-жылдың январь-июнь айларында бул көрсеткиш 4,4 промиллени қураған). Бул ҳаққында Қарақалпақстан Республикасы статистикалық басқармасы хабар берди.
Усы жылдың январь-июнь айларында қайтыс болғанлар төмендеги себеплер ақыбетинде өмирден көз жумған:
57,4% и қан айланыў системасы кеселликлеринен;
12,5% и өсимтелерден;
7,6% и бахытсыз ҳәдийселер, зәҳәрлениў ҳәм жарақатланыўлардан;
4,2% и ас сиңириў органлары кеселликлеринен;
3,4% и дем алыў органлары кеселликлеринен;
1,2% и жуқпалы ҳәм паразитли кеселликлерден;
13,7% и басқа кеселликлерден.
Дизимге алынған 1 жасқа толмаған қайтыс болған балалар саны 0,2 мыңды қураған. Олардың:
75,4% и перинатал дәўирде жүзеге келетуғын жағдайлардан;
5,3% и дем алыў органлары кеселликлеринен;
8% и туўма аномалиялардан;
0,5% и бахытсыз ҳәдийселер, зәҳәрлениў ҳәм жарақатланыўлардан;
1,1% и жуқпалы ҳәм паразитли кеселликлерден;
0,5 %и ас сиңириў органлары кеселликлеринен;
9,2% и басқа кеселликлер ақыбетинде шетнеген.
Ислам Матеков,
Қарақалпақстан хабар агентлиги.