Жаңа хызмет – gis.uzedu.uz – ата-аналарға өзлериниң микроаймақлары ҳәм олардың аймақларындағы мектеплерди анықлап алыў имканиятын береди, деп хабар береди Өзбекстан Республикасы Халық билимлендириў министрлигиниң баспасөз хызмети.

Ҳәзирги күнде бул хызмет тест режиминде жумыс алып бармақта. Онлайн картаға Ташкент қаласындағы барлық мектеплер аймақлары менен киргизилген.

Хызметтен пайдаланыў ушын сайтқа кириў керек ҳәм Toshkent shahri xalq ta’limi bosh boshqarmasi сын ҳәм тийисли районды сайлаў керек. Соннан кейин Maktablarni ko‘rish түймесин басыў керек және система картадағы мектеплерди көрсетеди (қызыл менен жаңа қабыллаў системасы енгизилип атырған мектеплер белгиленген.)

Жаңа хызмет Халық билимлендириў тараўында ИКТны раўажландырыў орайының хызметкерлери тәрепинен жаратылған. Хызмет республикадағы барлық мектеплердиң жайласыўын көрсетеди. Келешекте хызмет кеңейип, республикадағы барлық микроаймақларды көриў имканияты жаратылады.

Сайтта байланыс ушын мағлыўматлар жайластырылған болып, пайдаланыўшылар системаны жетилистириў бойынша өзлериниң пикир-усынысларын билдириўи мүмкин.

Еслетип өтемиз, мектеплердиң микроаймақлары район ҳәкимиятларының қарары менен тастыйықланады.

ӨзА