Жаздың ыссы күнлеринде пайдаланылып атырған ҳәр бир тағамыңыздан гүманланыўға тийкар бар. Себеби, бундай күнлерде өнимлердиң бузылып, пайдаланыўға жарамсыз болып қалыўы оғада аңсат. Мине усындай ўақытта қымбат өним – гөш ҳәм гөш өнимлери қай тәризде халыққа жеткерип берилмекте. Сойылып атырған қара маллардың гөшиниң сапасы ҳәм қәўипсизлиги инсан саламатлығы ушын әҳмийетли екенлигин есапқа алатуғын болсақ, бул системаға айрықша итибар қаратыў талап етиледи.
Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў Мәмлекетлик комитетиниң мәлим етиўинше, пайтахтымыздағы дийқан базарлары ушын сатыўға шығарылып атырған гөш ҳәм гөш өнимлериниң қәўипсизлигин тәмийинлеўде қала әтирапында жайласқан төрт заманагөй автоматластырылған ҳәм қәнигелестирилген сойыў кәрханаларының айрықша орны бар. Қара малларды усы кәрханаларда сойыў системасы енгизилген.
Ҳәзирге келип, пайтахт аймағындағы ветеринария, ветеринария-санитария талапларына жуўап бермейтуғын, бирақ ҳайўан сойыў ушын өз билгенинше қолайластырып алынған сойыў орынларының жумысы тоқтатылған. Олардың үстинен ИИМ Карантин илажларын шөлкемлестириў бөлими ҳәм Мәмлекетлик ветеринария хызметиниң хызметкерлери турақлы қадағалаў орнатқан. Соған қарамастан, ҳайўанларды сойыў ҳәм сатыў менен шуғылланыўшыларда ветеринария-санитария қағыйдалары менен нормаларына әмел етпеў жағдайлары ушырасып турыпты. Нәтийжеде болса қәўипсизлик ҳәм сапа кепилленбеген гөш ҳәм гөш өнимлериниң нызамсыз саўдасы да бақланбақта.
Усы мәселелерди сапластырыў ушын сатыў ҳәм сақлаў бойынша тийисли нормалар тастыйықланған. Оған бола, ветеринария врачының жуўмағы болмаған жағдайда, ботулизм, қутырыў, қус гриппи ҳәм усындай кеселликлер анықланған ҳайўанларды сойыў қадаған етиледи. Сондай-ақ, өлим ҳалатындағы ҳайўанларды да сойыў мүмкин емес.
Заманагөй сойыў кәрханаларында ветеринария хызмети арнаўлы электрон бағдарлама енгизбекте. Ол арқалы тутыныўшылар сатып алып атырған гөштиң қай жерде, қандай шараятта сойылғанлығы ҳәм ҳайўан қайсы кеселликлерге қарсы емленгенлиги ҳаққындағы мағлыўматларды алыў имканияты жаратылады.
Заманагөй сойыў кәрханаларына келтирилген қара маллардың ҳәммесинен дәслеп қан анализлери алынып, лабораториялық тексериўлер өткерилгеннен кейин сойыўға рухсат етиледи. Сойылған қара маллардың гөшлерин қәнигелер дәслепки тексериўден өткерилип, пайдаланыў ушын қәўипсизлигин тастыйықлайтуғын ҳүжжетлер рәсмийлестирилген ҳалда саўда орынларына жибериледи. Тийкарғы сойыў кәрханаларына келген қарыйдарларға тез ҳәм сапалы хызмет көрсетилмекте.
Сондай-ақ, дийқан базарларында гөш ҳәм гөш өнимлерин тасыўға мөлшерленген транспорт қураллары инсан саламатлығына тәсир етпейтуғын материаллардан таярланған болыўы, тазалаў ҳәм дизенфекциялаўға қолайлығы да қадағаланып барылмақта.
Саёра ШОЕВА, ӨзА