Алдынырақ, 151 мың халық көширилгенлиги, 33 округтиң  30ы тәбыйғый апатшылықтан зыян көрип, 4600 ден аслам аўыл суў астында қалғаны айтылған еди.

«Дерлик ҳәпте даўамында жаўып турған муссон жаўынлары себепли Ҳиндстанның Ассам штатында 5,7 миллионға шамалас халық суў тасқынларының ишинде қалды», делинеди жергиликли айрықша хызметлер мағлыўматында.

11 дәрья, соның ишинде, Ҳиндстандағы ең ири дәрьялардан бири – Брахмапутра аңғарынан тасып кеткен.

30 адам дүньядан көз жумған, эвакуация даўам етпекте. 15 топардан ибарат қутқарыўшыларға армия ҳәм авиация жәрдем бермекте.

ӨзА