«Өзгидромет» орайы хызметкерлериниң мағлыўматларына қарағанда, июльдиң екинши он күнлигинен баслап Өзбекстанда оғада ыссы ҳаўа-райы сақланып турады екен. Бул күнлерде ҳаўаның температурасы 39-42 дәрежеге шекем, Қубла ҳәм шөл зоналарында 44-45 дәрежеге шекем көтериледи.
Республиканың айырым аймақларында жаздың усы күнлери ушын абсолют температураның максимумы көрсетип өтилди. Яғный ҳәпте даўамында мәмлекетимиз аймақларында жазийрама ыссы ҳаўа сақланып турады.
Ҳаўаның температурасы күндизги ўақытлары 40-43 дәрежеге шекем, қублада ҳәм шөл зоналарында 44-45 дәрежеге шекем қызады. Бул орташа көп жыллық көрсеткишлерден 5-7 дәрежеге жоқары.
Быйылғы июль айы Өзбекстанның метеорологиялық бақлаўлары тарийхы даўамында ең ыссы июль екенлиги белгили болып бармақта. Ҳәпте даўамында Бухара, Наўайы, Қашқадәрья, Сурхандәрья ўәлаятларында гармсел бақланады.
Сондай-ақ, ҳаўа температурасының жоқарылығы фонында мәмлекетимиздиң таў алды районларында музлықлардың ериўи нәтийжесинде Тәжикстан ҳәм Қырғызстан аймақларынан сел тасқынлары келиўи мүмкин.
ӨзА