30-июнь – Жаслар күни. Президентимиздиң усынысы менен тийкар салынған бул байрам Нөкис қаласында қалай белгилениўи жобаластырылмақта? Қандай спорт илажлары болып өтеди?

Бул сораўларға бүгин, 28-июнь күни Өзбекстан жаслар аўқамы Қарақалпақстан Республикалық Кеңесинде болып өткен баспасөз конференциясында толық жуўап берилди.

Жобаға муўапық, 30-июнь күни саат 08:00 де бурынғы арқа автовокзал алдынан амфитеатрға шекемги аралықта «Youth Day» ураны менен 5 километрлик аралыққа жуўырыў марафоны болып өтеди.

Сондай-ақ, усы күни саат 10:00 де «Ҳәсиретли ана» майданшасы жанында жайласқан, футбол, стол тенниси, бадминтон, баскетбол спорт түрлери бойынша жарысларды өткериўге қәнигелестирилген жасалма қапламалы жаңа спорт майданшасының ашылыўы ҳәм онда футбол бойынша «Жаслар кубогы» турнириниң финал ойыны өткериледи.

Усы күни амфитеатр алдында саат 09:30 дан баслап әскерий техникалар ҳәм қурал-жарақлар көргизбеси шөлкемлестириледи.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.