Қарақалпақстан Республикасы И.В.Савицкий атындағы мәмлекетлик көркем өнер музейинде, музей ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министрлигиниң шөлкемлестириўинде Өзбекстан көркем өнер Академиясының академиги, Бердақ атындағы республикалық сыйлықтың лауреаты, Өзбекстан халық художниги Жоллыбай Изентаевтың «Реңлерде сәўлеленген өмир» атлы жеке көргизбеси ашылды.

Оған  Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министрлигиниң, тараўға тийисли мәкеме ҳәм шөлкемлердиң ўәкиллери, бирге ислескен кәсиплеслери, шәкиртлери ҳәм туўған-туўысқанлары қатнасты.

Көргизбениң ашылыў мәресиминде Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министриниң орынбасары А.Ниетуллаев, Республикалық «Нураний» қорының баслығы Ш.Уснатдинов, Қарақалпақстан халық художниклери академик С.Байбосинов, Ж.Лепесов, Өзбекстан көркем өнер Академиясы Қарақалпақстан бөлиминиң баслығы У.Утегенова, туўысқанларынан А.Мәмбеткадыров ҳәм басқалар шығып сөйлеп, Ж.Изентаевтың өмири ҳәм дөретиўшилик жумыслары туўралы мағлыўматлар берип, халқымыз ушын ислеген ийгиликли жумысларын еслеп өтти.

Ж.Изентаев 1943-жылы Қоңырат районында туўылған. 1961-1966-жыллары Ташкент қаласындағы П.Беньков атындағы Республикалық көркем өнер билим журты, 1966-1974-жыллары А.Островский (ҳәзирги К.Бекзод) атындағы Ташкент театр ҳәм көркем өнер институтында билим алған. Көп жыллар даўамында Өзбекстан көркем өнер Академиясы Қарақалпақстан бөлиминиң баслығы болып иследи. Дөретиўшилик жумыслары менен бир қатарда жәмийетлик жумысларда да белсендилик көрсетти.

Оның өзине тән қол таңбасына, белгили бағдарға ийе художник болып жетилисиўинде музейдиң орны айрықша болған. Ондағы рус, өзбек авангард дәўириниң көркем өнери, әсиресе, өзиниң руўхый илҳамландырыўшы устазы деп есаплаған И.В.Савицкий менен нәтийжели қарым-қатнасы, художниклер менен бирге ислесиўи, сондай-ақ, шет ел сапарларының әҳмийети жоқары болған.

Художниктиң салт-дәстүрлерди түсинетуғын нәзик талғамы,  излениўлери ҳәм өзиниң жеке дөретиўшилигине деген күшли исеними оның шеберлигин және де арттырды.

Көргизбеде художниктиң музей коллекциясынан орын алған 1970-1990-жыллардағы дөретпелери ҳәм үйинен алып келинген, кейинги жылларда дөретилген ҳәр қыйлы жанрдағы картиналары, жақын инсанларының портретлери, пейзажлық жумысларында үлкен қалалар ҳәм көшелер, ҳәўлилер көриниси, натюрмортлар қойылды.

Көргизбеде шығып сөйлеген қәнигелердиң атап өткениндей, Ж.Изентаевтың көплеген инсанлар менен жақын қарым-қатнасы, инсанның ишки дүньясына, руўхый гөззаллығына деген итибары оның көплеген портретлерди жаратыўына тийкар болды. «Т.Жумамуратовтың портрети», «И.Юсупов портрети», «Х.Ембергеновтың портрети», «Ана портрети», «Фин художниги Пенттидиң портрети» ҳәм басқалар.

Ал, лирикалық жумысларында болса, инсанның кеўил кеширмелери, тәшўиши ҳәм қуўанышы художниктиң ойлары арқалы өз сәўлелениўин тапқан. Натюрмортларында художник халық турмысына дыққат аўдарады.

Ж.Изентаевтың жумысларында художниктиң өзине тән жумыс ислеў усылларын көремиз. Оларда импрессионистлердиң тәсири сезиледи ҳәм ол барлық реңлерден пайдаланып, бай палитрасы арқалы жеңил мазокларда, жумысларының түп мәнисин ашып бере алған.

Көргизбе даўам етпекте.

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

(М.Ҳабибуллаевтың түсирген сүўретлери)