2019-жыл 21-июнь күни Ташкент қаласында Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының жигирмаланшы жалпы мәжилиси жумыс баслады.
Онда ҳүкимет ағзалары, министрликлер ҳәм уйымлардың басшылары, мәмлекетимиз және сырт ел ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.
Мәжилисте Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев шығып сөйледи.
Олий Мажлис Сенатының бүгинги жалпы мәжилиси турақлы миллий раўажланыўымыздың жаңа басқышында, жәмийетимиз турмысының барлық тараўлары ҳәм тармақларында кең көлемли және тезлетилген пәт пенен демократиялық реформалар жедел алып барылып атырған жуўапкершиликли бир дәўирде болып өтпекте, деди мәмлекетимиз басшысы.
Ҳәрекетлер стратегиясында белгиленген тийкарғы мақсетлер халқымыздың пидәкерли мийнети нәтийжесинде избе-из әмелге асырылғаны, миллий экономика ҳәм социаллық тараўды раўажландырыўға айрықша итибар қаратылып атырғаны атап өтилди.
Президент халқымыздың турмыс дәрежесин ҳәм сапасын буннан былай да жақсылаў, Өзбекстаннның халықаралық майдандағы абырайын жоқарылатыўға байланыслы ўазыйпаларды орынлаўда Сенаттың ролин ҳәм тәсирин арттырыў зәрүрлигин атап өтти.
– Бизлер Сенат дегенде, биринше гезекте миллий парламентимиздиң сиясий, ҳуқықый ҳәм мәдений дәрежесин әмелде көрсететуғын, халық мәплериниң шын мәнисиндеги әменгери ҳәм ҳақыйқый қорғаўшысы болған үлкен бир күшти көз алдымызға келтиремиз. Сенатор – бул халықтың жоқары исенимине ерискен ўәкил, деди Шавкат Мирзиёев.
Мәмлекетимиз басшысы өзиниң шығып сөйлеген сөзинде ҳаял-қызлар ушын мүнәсип жумыс ҳәм турмыс шараятларын жаратыў, оларды социаллық қорғаў, ҳаял-қызлардың социаллық-экономикалық және сиясий-ҳуқықый белсендилигин арттырыў мәселелерине айрықша итибар қаратты.
– Бир нәрсени тән алыў керек: ҳаял-қызлар халықтың дәртин басқаларға қарағанда терең сезинеди. Быйыл декабрь айында Олий Мажлис ҳәм жергиликли кеңеслерге болып өтетуғын сайлаўларда ҳаял-қызларымыз көп сайланса, оннан мәмлекетимиз де, жәмийетимиз де тек ғана пайда көреди, – деди Президент.
Шавкат Мирзиёев Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатында жаңа – Ҳаял-қызлар ҳәм гендер теңлиги мәселелери бойынша комитет дүзиўди усыныс етти.
Жалпы мәжилисте шөлкемлестириў мәселеси көрип шығылды.
Бизге белгили, 2015-жылдан берли Сенаттың Баслығы болып жумыс ислеген Ниғматилла Йўлдошев Өзбекстан Республикасы Бас прокуроры етип тайынланғаны мүнәсибети менен лаўазымынан мүддетинен бурын азат етилген еди.
Мәмлекетимиз басшысы, Өзбекстан Республикасы Конституциясының 86-статьясына тийкарланып, Олий Мажлис Сенатының Баслығы лаўазымына Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары – Ҳаял-қызлар комитетиниң баслығы лаўазымында ислеп келген Танзила Норбоеваның кандидатурасын усыныс етти.
Жоқарғы палатаның ағзалары талабан ҳаққында өз пикир-усынысларын билдирди. Танзила Норбоева билими, тәжирийбеси, ўатансүйиўшилиги, жәмийеттеги абырай-мәртебеси, адамгершилик пазыйлетлери менен усы лаўазымға мүнәсип екенлиги, Сенаттың жумысын бүгинги күн талаплары тийкарында жетилистириў бойынша Президенттиң сөзинде билдирилген тийкарғы ўазыйпаларды әмелге асырыўға таяр екенлигин атап өтти.
Сенаторлар тәрепинен жасырын даўыс бериў жолы менен Сенат Баслығы лаўазымына Танзила Норбоева сайланды.
Тәнепистен кейин сенаторлар өз жумысын даўам еттирди ҳәм «Туризм ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамын көрип шықты.
Ҳүжжет туристлик жумысты мәмлекет тәрепинен тәртипке салыўдың ҳуқықый ҳәм институционаллық базасын қәлиплестириў, миллий туристлик өнимди ишки ҳәм дүнья базарларында танытыўға жәрдемлесиў, туризм индустриясын раўажландырыў ушын қолайлы шараятлар жаратыў мақсетинде ислеп шығылғаны атап өтилди.
Нызамда бул тараўдағы мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдарлары белгилеп бериледи. Туризм тараўына инвестицияларды тартыў ушын қолайлы шараятлар жаратыў, мәмлекетлик-жеке меншик шерикликти раўажландырыў, салық ҳәм бажыхана жеңилликлерин белгилеў, жаңа жумыс орынларын шөлкемлестириў, инновациялық ҳәм мәлимлеме-коммуникация технологияларының енгизилиўин қоллап-қуўатлаў және хошаметлеў, туристлик зоналар ҳәм туристлик кластерлердиң раўажландырылыўын хошаметлеў сыяқлы бағдарлар усылардың қатарына киреди.
Бул тараўда Министрлер Кабинетиниң ўәкилликлерине бирден-бир мәмлекетлик сиясаттың әмелге асырылыўын тәмийинлеў, мәмлекетлик бағдарламаларды ислеп шығыў ҳәм оны әмелге асырыўды муўапықластырыў, туристлик зоналар, туристлик кластерлерди шөлкемлестириў және оларда туризм тараўы субъектлериниң жумысын әмелге асырыў тәртибин белгилеў, хызметлерди сертификатластырыў, туристлер ҳәм экскурсантларды қамсызландырыў, оларға медициналық, ҳуқықый ҳәм басқа түрдеги жәрдем көрсетиў тәртибин белгилеў, бюджеттен тысқары Туризм тараўын қоллап-қуўатлаў қорының қаржыларын қәлиплестириў және олардан пайдаланыў тәртибин белгилеў, туризм тараўына инвестицияларды тартыў ҳәм туризмди раўажландырыў жойбарларын әмелге асырыў бойынша уйымлараралық бирге ислесиўди муўапықластырыў, мийманхана хызметлерин, туроператорлар ҳәм турагентлер хызметлерин көрсетиў қағыйдаларын тастыйықлаў сыяқлы ўазыйпалар киреди.
Нызам нормаларында туризм тараўы субъектлериниң ҳуқықлары, еркинликлери, нызамлы мәплерин ҳәм қәўипсизлигин қорғаў үстинлиги, туризмди турақлы раўажландырыў, туризм тараўында ашық-айдынлық сыяқлы тийкарғы принциплер белгиленбекте.
Буннан тысқары, Нызамда халықаралық ҳәм ишки туризм түрлери, сондай-ақ, мәдений-тарийхый, зыярат, экологиялық, ағартыўшылық, этнографиялық, гастрономиялық, исбилерменлик, социаллық, спорт медициналық, жаслар туризми, агротуризм сыяқлы саяхат түрлери беккемленбекте. Пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларының ҳәм мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң туризм тараўы илажларындағы қатнасыў механизмлери белгиленбекте, олар туризмди раўажландырыў бағдарламаларын ислеп шығыўда қатнасыў, жәмийетлик қадағалаў, бул тараўда усыныслар киргизиў, мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер менен бирге ислесиўден ибарат.
Бул ҳүжжет мәмлекет экономикасының стратегиялық тармағы сыпатында туризмди раўажландырыўға, халықтың турмыс дәрежесин ҳәм сапасын арттырыўға жәрдемлесетуғыны атап өтилди. Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.
Буннан кейин сенаторлар «Шахсқа байланыслы мағлыўматлар ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамын көрип шықты. Атап өтилгениндей, бүгинги күнде шахсқа байланыслы мағлыўматларды қорғаў әҳмийетли мәселе болып есапланады ҳәм бул тек ғана интернет технологияларының тез пәт пенен раўажланыўы және улыўма глобалласыў емес, ал пуқаралардың жеке турмысына байланыслы ҳуқықый қорғаў зәрүрлигине байланыслы. Нызам шахсқа байланыслы мағлыўматларды қайтадан ислеў ҳәм оларды қорғаў ўақтында қолланылатуғын қураллардан, соның ишинде, мәлимлеме технологияларына қарамастан, жүзеге келетуғын қатнасықларға қарата енгизиледи.
Инсан ҳәм пуқараның конституциялық ҳуқық ҳәм еркинликлерине әмел етиў, шахсқа байланыслы мағлыўматларды қайтадан ислеў мақсетлери ҳәм усылларының нызамлылығы, шахсқа байланыслы мағлыўматлардың анықлығы ҳәм исенимлиги, шахсқа байланыслы мағлыўматлардың сырлылығы және қорғалғанлығы, субъектлер, мүлк ийелери ҳәм операторлардың ҳуқықларының теңлиги, шахс, жәмийет ҳәм мәмлекеттиң қәўипсизлиги тийкарғы принциплер сыпатында беккемленген.
Буннан тысқары, Нызам мәмлекетлик уйымлардың бул тараўдағы ўәкилликлери белгиленбекте. Атап айтқанда, Министрлер Кабинети мәмлекетлик сиясаттың әмелге асырылыўын тәмийинлейди, мәмлекетлик бағдарламаларды тастыйықлайды, Шахсқа байланыслы мағлыўматлар базаларының мәмлекетлик реестрин жүргизиў ҳәм мәмлекетлик реестринде дизимнен өткериў тәртибин белгилейди, тийисли уйымлардың жумысын муўапықластырады, шахсқа байланыслы мағлыўматларды қайта ислеп атырғанда бул мағлыўматлардың қорғалыў дәрежесин, олардың қорғалыўын тәмийинлейтуғын талапларды, биометрикалық ҳәм генетикалық мағлыўматлар бар болған материаллық предметлерге ҳәм бундай мағлыўматларды шахсқа байланыслы мағлыўматлардан тысқарыда сақлаў технологияларына байланыслы талапларды белгилейди.
Министрлер Кабинети жанындағы Мәмлекетлик персоналластырыў орайы мәмлекетлик бағдарламаларды ислеп шығыўда ҳәм әмелге асырыўда қатнасады, шахсқа байланыслы мағлыўматларды қайта ислеўдиң ҳәм мүлк ийесиниң және оператордың шахсқа байланыслы мағлыўматлары қайта ислениўин ҳәм олардың қорғалыўын тәмийинлейтуғын структуралық бөлим ямаса ямаса ўәкилликли ўәкилиниң жумысын шөлкемлестириўдиң үлги тәртибин тастыйықлайды, шахсқа байланыслы мағлыўматлар базаларының мәмлекетлик реестрин жүргизеди, шахсқа байланыслы мағлыўматлар базасының дизимнен өткерилгенлиги ҳаққында гүўалық береди, мәмлекетлик қадағалаўды әмелге асырады, нормативлик-ҳуқықый базаны жетилистириў бойынша усыныслар киргизеди, шахсқа байланыслы мағлыўматлардың зәрүрли қорғалыў дәрежесин белгилейди, қайта исленетуғын шахсқа байланыслы мағлыўматлардың көлеми ҳәм мазмунын, жумыс түрин, шахсқа байланыслы мағлыўматлардың қәўипсизлигине болған қәўиплердиң ҳақыйқыйлығын таллайды, нызам ҳүжжетлериниң бузылыўларын сапластырыў ҳаққында көрсетпелер киргизеди.
Соның менен бирге, Нызамда шахсқа байланыслы мағлыўматларды қорғаў механизмлери беккемленбекте, ол шахсқа байланыслы мағлыўматларды қорғаў бойынша ҳуқықый, шөлкемлестириўшилик ҳәм техникалық илажларды көриўди нәзерде тутады. Бул субъекттиң өзиниң жеке турмысына араласыўдан қорғаў ҳуқықы әмелге асырылыўын, шахсқа байланыслы мағлыўматлардың бир пүтинлигин ҳәм толық сақланыўын. шахсқа байланыслы мағлыўматлардың сырлылығына әмел етилиўин, шахсқа байланыслы мағлыўматларды нызамға қайшы түрде қайта ислеўдиң алды алыныўын тәмийинлейди. Нызамда бундай мағлыўматлардың сырлылығы, олардың ҳәмме пайдаланыўы мүмкин болған дәреклерине киргизиў ушын субъекттиң жазба келисимин алыў, сондай-ақ, субъекттиң шахсқа байланыслы мағлыўматларын ҳәмме пайдаланыў мүмкин болған дәреклерден оның мүрәжатына бола шығарып таңлаў тәмийинленбекте. Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.
Парламент ағзалары «Өзбекстан Республикасының Есап палатасы ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамын додалады. Нызамда Есап палатасының мәмлекетлик сыртқы аудит ҳәм финанслық қадағалаўдың жоқары уйымы сыпатында ҳуқықый статусы беккемленбекте.
Мәмлекетлик бюджет жойбары параметлерин қәлиплестириўди системалы таллаў, қабыл етилип атырған мәмлекетлик бағдарламалардың ҳәм аймақлық бағдарламалардың қаржыландырыў дәреклери менен тәмийинленгенлиги аудитин әмелге асырыў, сондай-ақ, бюджет қаржылары түсимлериниң толықлығын үйрениў ҳәм қадағалаў, Мәмлекетлик бюджет дәраматларын көбейтиў резервлерин анықлаў ҳәм сапластырыў, әмелге асырылып атырған бюджет қәрежетлериниң нәтийжелилигин ҳәм нызамлылығын аудиттен өткериў, бул қәрежетлерди азайтыў имканиятларын анықлаў Есап палатасының тийкарғы ўазыйпалары болып есапланады.
Буннан тысқары, Есап палатасы бюджет қаржылары ҳәм мәмлекет тәрепинен қаржы тартыў есабынан әмелге асырылып атырған инвестициялық жойбарларды баҳалайды, салық, бажыхана ҳәм бюджет ҳаққындағы нызам ҳүжжетлерин жетилистириўге, бюджетти режелестириўдиң заманагөй усылларын енгизиўге байланыслы усыныслар киргизеди, республика бюджети ҳәм жергиликли бюджетлер арасындағы байланыслардың оптималлығын баҳалайды. Президент ҳүжжетлери ҳәм тапсырмаларының орынланыўын қадағалайды, пул-кредит ҳәм валюта сиясатын, мәмлекетлик активлер ҳәм миннетлемелердиң жағдайын, алтын-валюта резервлериниң басқарылыўын, сондай-ақ, баҳалы металлар ҳәм таслар менен әмелге асырылып атырған операцияларды сыртқы аудиттен өткереди.
Есап палатасы жумысының тийкарғы принциплери нызамлылық, бийғәрезлик, қалыслық, ашық-айдынлықтан ибарат болып есапланады. Буннан тысқары, Нызам нормаларында Есап палатасының мәмлекетлик уйымлар ҳәм басқа да шөлкемлер менен бирге ислесиў механизмлери белгиленбекте, сондай-ақ, оның жумысын шөлкемлестириў, лаўазымлы шахсларды ҳуқықый ҳәм социаллық қорғаў кепилликлери, Есап палатасы лаўазымлы шахсларын материаллық ҳәм социаллық тәмийинлеў, Есап палатасын финанслық ҳәм материаллық-техникалық тәмийинлеў мәселелери тәртипке салынбақта. Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.
Соң парламент ағзалары «Қурал ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамын көрип шықты. Ҳүжжет мәмлекетлик уйымлар, юридикалық ҳәм физикалық шахслар нызамлы тийкарда ийелик етип атырған ҳәм пайдаланып атырған қурал айланысын тәртипке салыў мақсетинде ислеп шығылғанлығы атап өтилди. Ҳүжжетте нызамлылық, пуқаралардың өмирин ҳәм денсаўлығын қорғаў ҳәм сақлаў, олардың ҳуқық ҳәм еркинликлерин қорғаў үстинлиги, халықаралық миннетлемелердиң ҳүждан менен орынланыўы, мәлимлемениң ашық-айдынлығы ҳәм оннан пайдалана алыў сыяқлы қурал айланысының тийкарғы принциплери белгиленбекте.
Нызамда қуралдың түрлери классификацияланбақта ҳәм ол пуқаралық қурал, хызмет қуралы және жаўынгерлик қуралдан ибарат. Пуқаралық қурал аң қуралы, спорт қуралы ҳәм өзин-өзи қорғаў қуралына бөлинеди. Пуқаралардың өмирин ҳәм денсаўлығын, мүлкин қорғаўға, тәбиятты, баҳалы ҳәм қәўипли жүклерди, арнаўлы хат-хабарларды қорғаўға байланыслы ўазыйпаларды орынлаў ўақтында юридикалық шахслардың хызметкерлери тәрепинен, сондай-ақ, лаўазымлы шахслар тәрепинен жеке қәўипсизликти тәмийинлеў мақсетинде пайдаланыў ушын мөлшерленген қурал хызмет қуралының қатарына киреди. Қорғаныў министрлиги, Ишки ислер министрлиги, Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети ҳәм басқа да структуралар тәрепинен қолланылатуғын, жаўынгерлик ҳәрекетлерди алып барыў ҳәм хызмет ўазыйпаларын орынлаў ушын мөлшерленген қурал жаўынгерлик қурал болып есапланады.
Сондай-ақ, Нызамда қуралды ҳәм оның оқ-дәрилерин алыў ҳуқықына ийе болған субъектлердиң дизими белгиленген. Арнаўлы уйымлар ҳәм әскерий структуралар, арнаўлы хызмет ўазыйпаларына ийе болған, қурал ислеп шығарыў және оны реализациялаў, аңшылық ҳәм оқ атыў спорты тараўындағы жумыс пенен шуғылланып атырған юридикалық ҳәм физикалық шахслар, Өзбекстан Республикасы пуқаралары, сырт ел пуқаралары, пуқаралығы болмаған шахслар мине усы дизимге киреди.
Буннан соң «Өзбекстан Республикасының Жынаят, Жынаят-процессуаллық кодекслерине ҳәм Өзбекстан Республикасының Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексине өзгерислер киргизиў ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасының Нызамын додаланды. Атап өтилиўинше, Жынаят кодексине ҳәм Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекске шахсқа байланыслы мағлыўматларды қорғаў ҳаққындағы нызам ҳүжжетлерин бузғанлығы ушын жынайый ҳәм ҳәкимшилик жуўапкершилик енгизиўди нәзерде тутатуғын өзгерислер киргизилмекте.
Буннан тысқары, Жынаят кодексине ҳәм Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекске мийнет етиў ҳуқықын, мийнетти қорғаў қағыйдаларын бузғанлығы ушын жынайый жуўапкершиликти күшейтиўди нәзерде тутатуғын өзгерислер киргизилмекте. Мийнет ҳәм мийнетти қорғаў ҳаққындағы нызам ҳүжжетлерин, жас өспиримлердиң мийнетинен пайдаланыў мүмкин емес екенлиги ҳаққындағы талапларды бузғанлығы, жумыс бериўшиниң пуқаралық жуўапкершилигин мәжбүрий қамсызландырыў ҳаққындағы нызам ҳүжжетлери талапларын орынламағанлығы, ўақтынша жумысқа жарамсыз, ҳәмиледарлық ҳәм туўыў бойынша напақалар төлеў миннетлемесинен бас тартқанлығы ушын ҳәкимшилик жуўапкершиликти күшейтиў нәзерде тутылмақта.
Сондай-ақ, Өзбекстан Республикасына сырт елден жумыс күшин тартыў ҳәм оннан пайдаланыў тәртибин бузғанлығы ушын ҳәкимшилик жуўапкершилик те белгиленбекте. Халықты жумыс пенен тәмийинлеў ҳаққындағы нызам ҳүжжетлерин бузғанлығы, мийнет етиўге ҳәкимшилик жоллар менен мәжбүрлегенлиги ҳәм бос жумыс орынларын жасырғанлығы ушын да ҳәкимшилик жуўапкершилик күшейтилди. Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.
Соң парламент жоқары палатасының ағзалары «Өзбекстан Республикасының айырым ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамын көрип шықты. Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Ишки ислер уйымларының жәмийетлик тәртипти сақлаў ҳәм жәмийетлик қәўипсизликти тәмийинлеў тараўындағы жумысын түп-тийкарынан жетилистириў илажлары ҳаққында» 2017-жыл 1-майдағы ПҚ-2940-санлы қарарының 10-бәнтине муўапық Әмелге асырылыўы ушын лицензиялар талап етилетуғын жумыс түрлериниң дизимине аң ҳәм спортқа мөлшерленген оқатар қуралды және оның оқ-дәрилерин ислеп шығарыў, оңлаў ҳәм реализациялаўдан ибарат жаңа жумыс түри киргизилмекте.
Буннан тысқары, Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Суд ҳүжжетлери ҳәм басқа да уйымлардың ҳүжжетлерин орынлаў нәтийжелилигин буннан былай да арттырыў илажлары ҳаққында» 2019-жыл 12-марттағы қарарының 11-бәнтине муўапық «Суд ҳүжжетлери ҳәм басқа да уйымлардың ҳүжжетлерин орынлаў ҳаққында»ғы ҳәм «Медиация ҳаққында»ғы нызамларға суд ҳүжжетлери ҳәм басқа да уйымлардың ҳүжжетлерин мәжбүрий орынлаў процесинде медиация институти енгизилиўин нәзерде тутатуғын өзгерислер киргизилмекте. Суд ҳүжжетлери ҳәм басқа да уйымлардың ҳүжжетлерин мәжбүрий орынлаў процесинде медиацияның тәртип-қағыйдалары өндириўшиниң арзасы бойынша 15 күннен көп болмаған муддетте орынлаў жумысын жүргизиўди тоқтатып турыў ушын тийкар болып есапланады. Өндириўши ҳәм қарыздар арасында орынлаў предмети бойынша келисимге ерисилгенде, сондай-ақ, тәреплерден биреўи медиацияны даўам еттириўден ўаз кешкенде ямаса оны әмелге асырыў мүддети жуўмақланғанда орынлаў жумысын жүргизиў мәмлекетлик орынлаўшы тәрепинен қайтадан басланады.
Қәниге мәмлекетлик орынлаўшының қарары менен танысқан күннен баслап 15 жумыс күн ишинде жуўмақ усыныўы шәрт екенлигин нәзерде тутатуғын өзгерислер де киргизилмекте. Киргизилип атырған өзгериске бола орынлаў ҳүжжетлеринде өндириўшиниң ямаса қарыздардың электрон почтасы ямаса мобиль телефонының саны (егер олар судқа ямаса орынлаў ҳүжжеттин берген басқа уйымға (лаўазымлы шахсқа) усынылған болса) бар болған жағдайда, орынлаў жумысын жүргизиўди қозғаў ҳаққындағы мәлимлеме оның жиберилгенлиги ҳәм қабыл етилип алынғанлығы фактлерин атап өтиў имканиятын беретуғын арнаўлы автоматластырылған системадан пайдаланған ҳалда электрон почтаға ямаса мобиль байланыс қураллары арқалы қысқа хабар (SMS) тәризинде жибериледи. Нызам сенаторлар тәрепинен маққулланды.
Соң парламент ағзалары «Халықаралық мийнет шөлкеминиң 1930-жылдағы Мәжбүрий мийнет ҳаққындағы 29-санлы Конвенциясына Протоколды (Женева, 2014-жыл 11-июнь) ратификациялаў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамын көрип шықты. Нызам менен Халықаралық мийнет шөлкеминиң 1930-жылдағы Мәжбүрий мийнет ҳаққындағы 29-санлы Конвенциясына Протоколды (буннан кейин текстте Протокол деп жүргизиледи) ратификациялаў нәзерде тутылмақта. Оған бола ХМШның ҳәр бир ағзасы Конвенциядан келип шығатуғын өз миннетлемелерин орынлаў мақсетинде мәжбүрий мийнет қәўпиниң алдын алыўға, мәжбүрий мийнет қәўпин арттыратуғын факторларды анықлаўға, жумыс бериўшилер мәжбүрий мийнет әмелиятында қатнасыўының алдын алыў ушын оларды оқытыў ҳәм хабардар етиўге қаратылған жедел ҳәрекетлер алып барады.
Протоколды 30 мәмлекет, соның ишинде, Уллы Британия, Норвегия, Финляндия, Франция, Чехия, Испания, Нидерландия, Израиль, Россия ратификациялағанлығы атап өтилди. Протоколдың мәжбүрий мийнетти тастыйықлаў ҳаққындағы қағыйдалары Конституцияда (37-статья), Мийнет кодексинде (7-статья), Жынаят кодексинде, Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексте, бир қатар нызамлар ҳәм Ҳүкимет қарарларында сәўлеленгенлиги атап өтилди.
Парламент ағзаларының пикиринше, бул Протоколдың ратификацияланыўы мәжбүрий мийнеттиң алдын алыў, оған мәжбүр етилгенлерди қорғаў ҳәм қорғаныў қуралларынан пайдаланыўды тәмийинлеў бойынша жаңа миннетлемелерди белгилеген ҳалда халықаралық-ҳуқықый базаны беккемлеў, сондай-ақ, ХМШ менен қатнасықларда Өзбекстанның унамлы имиджин қәлиплестириў, мәжбүрий мийнетке дуўшар етилгенлердиң ҳуқықлары ҳәм мәплерин қорғаў тараўындағы раўажланған мәмлекетлердиң тәжирийбесин үйренген ҳалда халықаралық ҳуқық қорғаў уйымлары менен әмелий бирге ислесиўди раўажландырыў имканиятын береди. Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.
Буннан кейин сенаторлар тәрепинен Наўайы ўәлаятының Наўайы қаласы ҳәм Кармана районы шегараларын өзгертиў ҳаққындағы мәселе көрип шығылды.
Бул мәселе биринши гезекте аймақлардың инфраструктурасын раўажландырыўда айрықша әҳмийетли екенлиги атап өтилди. Соның ишинде Кармана районынан ажыратылып атырған аймақта дерлик 7 мың адам жасайды.
Наўайы қаласы аймағының шекленгенлиги зәрүр көлемде қурылыс жойбарларын әмелге асырыў имканиятын бермейди. Сол себепли көп қабатлы турақ жайлар, спорт объектлери ҳәм социаллық объектлер майданы 144 гектардан аслам Кармана районы аймағының бир бөлиминде қурылмақта. Бирақ бул қала коммуникацияларына жалғаныў имканиятын қыйынластырмақта. Усы мүнәсибет пенен Кармана районы Варқ ҳәм Ёшлик мәҳәллелериниң 1097,58 гектар жерин Наўайы қаласы қурамына өткериў нәзерде тутылмақта. Мәселе, сенаторлар тәрепинен маққулланды.
Соң парламенттиң жоқарғы палатасы ағзалары Сырдәрья ўәлаяты ҳәкиминиң аймақларды раўажландырыў ҳәм халық депутатлары жергиликли кеңеслериниң жумыс ҳаққындағы есабын тыңлады.
Жалпы аймақлық өним (ЖАӨ) көлеми 2018-жылы 8,2 триллион сумды, 2017-жылға салыстарғанда өсим пәти 102,1 процентти қурағаны атап өтилди. 2019-жылдың биринши шерегинде жалпы аймақлық өним 1,8 триллион сумды, өткен жылдың сол дәўирине салыстырғанда өсим пәти болса 102,6 процентке жетти. Санаат өнимлерин шығарыў көлеми 1673,4 миллиард сумды қурады ҳәм сол дәўирге салыстырғанда 100,5 процентке өсти. Ўәлаяттың тийкарғы капиталын көбейтиў ушын 519,8 миллиард сумлық инвестициялар киргизилди. Экономикалық жумыс түрлери бойынша хызметлер көлеми 543,2 миллиард сумды, 2018-жылға салыстырғанда өсим 118,5 процентти қурады.
Есабатты тыңлаўда Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 19-февраль күни Сырдәрья ўәлаятына еткен сапары даўамында берген тапсырмалардың орынланыўына, соның ишинде, ўәлаяттың Ховос районы орайын комплексли раўажландырыў илажларына тийкарғы итибар қаратылды. Ҳәзирги ўақытта Ховос қалашасы орайының қурылыс жумыслары әмелге асырылып атырғаны атап өтилди. Соның ишинде, 240 квартираға мөлшерленген арзан баҳаларда 10 бес қабатлы турақ жай қурыў жумыслары жоқары пәт пенен алып барылмақта. Буннан тысқары, 100 турақ жай қурыў ушын жер майданлары ажыратылды, қурылыс жумыслары басланды.
Соның менен бирге, Сырдәрья ўәлаятында аймақларды раўажландырыўға ҳәм халық депутатлары жергиликли Кеңеслери жумысының нәтийжелилигин арттырыўға унамсыз тәсир көрсететуғын машқала ҳәм кемшиликлер бар. Айырым министрликлер ҳәм мәкемелерде бар кемшиликлерди сапластырыўға компелксли қатнас жасамағанлығы себепли бул мәселелер әҳмийетлилигин жойытпай атыр. Соның ишинде, электр менен тәмийинлейтуғын кәрханалар диспетчерлик пунктлериниң арнаўлы техникалар менен тәмийинлениў дәрежеси 40-45 процентти қурайды, бул болса тийисли хызметлердиң сапасын тәмийинлеў ушын жетерли емес екенлиги атап өтилди.
Додалаў даўамында ўәлаят халқын ишимлик суўы менен тәмийинлеў мәселесине де айрықша итибар қаратылды. Аймақ бойынша бул көрсеткиш тек ғана 65,6 процентти қурайтуғынлығы атап өтилди. Негизинде бул көрсеткишти усы жылдың өзинде 86,1 процентке арттырыў имканияты бар. Бул ушын барлық жобаластырылған жумыслар анық ҳәм сапалы орынланыўы керек. Додалаў жуўмақлары бойынша Сенаттың тийисли қарары қабыл етилди.
Соннан ке йин, мәжилис қатнасыўшылары перспективалы туризм бағдарында Өзбекстанның халықаралық имиджин арттырыў илажлары ҳаққында Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине парламент сораўын жибериў ҳаққындағы мәселени көрип шықты.
Мәмлекетимизге саяхат етиўди қәлеўшилер ағымын арттырыўда дүнья жәмийетшлигин елимизде мийманлар ушын жаратылып атырған шараятлар ҳәм имканиятлардан дурыс хабардар етиў айрықша әҳмийетке ийе екенлиги атап өтилди. Бирақ сырт мәмлекетлердиң сыртқы сиясий мәкемелериниң рәсмий усынысларында Өзбекстан ҳаққында қалыс емес ҳәм ески мағлыўматлар берилип атырғанлығы себепли бул тараўда унамлы өзгерислер сезилмей атыр. Усы мүнәсибет пенен тийисли парламентлик сораўды жибериў зәрүрлиги жүзеге келди. Мәселе сенаторлар тәрепинен мақулланды.
Сондай-ақ, парламент ағзалары Ишки ислер министрлиги академиялық лицейлеринде нызам ҳүжжетлериниң орынланыў жағдайы ҳаққында Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине парламентлик сораў жибериў ҳаққындағы мәселени де көрип шықты. Мәселе сенаторлар тәрепинен маққулланды.
Кейин ала сенаторлар пуқаралардың көшпес мүлк объектлерин мәмлекетлик дизимнен өткериў, мүлк ҳуқықын рәсмийлестириў ҳам оларды салыққа тартыўға байланыслы нызам ҳүжжетлериниң орынланыў жағдайы ҳәм бул тараўдағы ҳуқықты қолланыў әмелияты ҳаққында, аўыл хожалығында мийнетке байланыслы қатнасықларды тәртипке салыў ҳәм бул тараўдағы рәсмий емес мәселелер бойынша, мәмлекетте имканияты шекленген жаслардың билим алыўы ушын жаратылған шараятлар ҳаққында, улыўма билим бериў мектеплери сабақлықларының мәмлекетлик билимлендириў стандартлары талапларына муўапықлылығы ҳаққында бурын жиберилген парламентлик сораўлардың нәтийжелерин көрип шықты.
Додаланған мәселелер бойынша Сенаттың тийисли қарарлары қабыл етилди.
Олий Мажлис Сенатының жигирмаланшы жалпы мәжилисинде 18 мәселе, соның ишинде 7 нызам көрип шығылды.
Сенаторлар тәрепинен мақулланған Өзбекстан Республикасы нызамлары жәмийеттиң барлық тараўларында ҳуқықый тийкарлардың буннан былай да беккемлениўин ҳәм реформалар және өзгерислердиң избе-из әмелге асырылыўын тәмийинлеўге қаратылғанлығы атап өтилди.
Соның менен Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының жигирмаланшы жалпы мәжилиси өз жумысын жуўмақлады.
Өзбекстан Республикасы
Олий Мажлис Сенатының
Мәлимлеме хызмети