Нөкис қаласы ҳәкимлигинде Қарақалпақстан Республикасы Мәмлекетлик салық басқармасының шөлкемлестириўинде семинар болып өтти. Онда басқарма басшылары, қәнигелери, тийисли тараў ўәкиллери ҳәм исбилерменлер қатнасты.

Семинардың мақсети – елимизде салық тараўында әмелге асырылып атырған реформалардың барысын кең түрде сәўлелендириў, исбилерменлик субъектлери менен ашық-айдын байланыс орнатыў, олардың машқалаларын үйренип, өз орнында шешиў болып есапланады.

Cеминарда Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик салық комитетиниң  қәнигелик арттырыў орайы оқытыўшылары С.Баймуратов, Р.Садуллаев, «Солиқ плюс» газетасының өзбек ҳәм рус тиллериндеги редакцияларының бас редакторлары Д.Собирова, И.Аккирманцева ҳәм басқалар шығып сөйлеп, елимизде салық нызамшылығындағы әҳмийетли мәселелерге тоқтап өтип, тараўда әмелге асырылып атырған реформалар туўралы кең түрде түсиник берди.

Атап өтилгениндей, реформалар нәтийжесинде салық ставкаларында бир қатар өзгерислер енгизилип, пайда салығы 14 проценттен 12 процентке, мүлк салығы 5 проценттен 2 процентке, мәмлекеттиң мақсетли қорлары 3,2 проценттен 0 ге, бирден-бир салық төлеми 5 проценттен 4 процентке, мийнет ҳақылардан алынатуын салықлардан бирден-бир социаллық төлем 15 проценттен 12 процентке, қамсызландырыў төлеми 8 проценттен 0 ге азайыўы ҳәм басқа да өзгерислер себепли усы жылы 10,2 триллион сум қаржы үнемленип, салық төлеўшилердиң ықтыярында қалды.

Сондай-ақ, семинарда қатнасыўшылар салық төлеўдеги жаңа тәртиплер енгизилиўи себепли, дәраматларды есаплаўдағы, есабат тапсырыўдағы ушырасып атырған машқалалар, өз жумысы барысында ушырасып атырған түсинбеўшиликлер туўралы айтып, пикир-усыныслар билдирди, қызықтырған сораўларына жуўап алды.

 

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.