Нөкис гарнизонындағы әскерий бөлимлердиң биринде жобаластырылған әмелий дала жыйынлары өткерилмекте. Полигонға жетип барыў ушын әскерий хызметкерлер 40 километрлик марш жүрди. Дыққатқа ылайықлы тәрепи, жеке қурам марш аралығының ярымын пияда басып өтти. Бул ҳаққында Kun.uz хабар берди.

Дала оқыў майданындағы әмелий шынығыўлар түнги шараятта оқ атыў шынығыўларынан басланды. Пияда басып өтилген узақ аралық әскерий хызметкерлердиң физикалық ҳәм ақылый-руўхый жағдайына тәсир етпеди. Нышаналар түнде де, күндиз де бирдей жоқ етилди.

Қурал ҳәм әскерий техникалардан пайдаланыў бойынша көнликпелер күндизги ўақытта да даўам етти. Шөл аймағында жайласқан полигонның ыссы ҳәм қурғақ ҳаўасы әскерлерди сынақтан өткерди. Полигон бойлап шөлкемлестирилген оқыў орынларында әскерий хызметкерлерге қуралды оқ атыўға таярлаў, нышанаға алыў бойынша шынығыўлар алып барылды.

Оқыў жыйыны даўамында әскерлер биринши мәрте миномётлардан оқ атып, нышаналарды жоқ етти.

Дала оқыў шынығыўлары даўам етпекте. Алдағы ўақытлары зенит қурылмаларынан әмелий оқ атыў шынығыўлары өткериледи.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги